Ташкент 11 күн ишинде жәҳән аўыр атлетикасының орайы сыпатында өз жумысын көрсетип турды. 86-жәҳән чемпионатының соңғы күнинде дүнья аўыр атлетикашылары – ерлер +109 килограмм, хаял-қызлар +87 килограммда медаллар ушын гүрести.
Күтилгениндей, ерлер арасындағы жарысларда грузиялы Лаша Талахадзе ҳеш кимге имканият қалдырмады. Грузиялы спортшы жарыстың алтын медалларын қолға киргизиў менен бирге, өзиниң әмелдеги жәҳән рекордларын жаңалаўға муўапық болды. Тикке көтериў шынығыўында ол 225 килограмм (алдынғы рекорд 223 кг) тасты бойсындырған болса, силтеп көтериў шынығыўында 267 килограмм (алдынғысы 265 кг) нәтийже көрсетип, еки гүресте де жәҳән рекордын 2 килограммға жаңалады.
Ҳаял-қызлар арасындағы гүреслерде болса Қубла Корея, Таиланд ҳәм Уллы Британия спортшылары еки гүрестеги сыйлы орынларын қолға киргизди.
Жәҳән чемпионатының жуўмақлаўшы есап-санақларына бола, еки гүрес нәтийжесине бола Қубла Кореяның ўәкиллери 4 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 бронза менен 1-орынды, 2 алтын ҳәм 3 бронзаға ийе шыққан ўәкиллеримиз 2-орынды, таиландлылар 3-орынды қолға киргизди. Сондай-ақ, тикке ҳәм силтеп көтериў, еки гүрес бойынша медаллар топлаўда да Қубла кореялы спортшылар 21, Өзбекстан 14, Тиланд ўәкиллери 12 медалға миясар болды.
Әҳмийетлиси, елимиздиң басшылығында өткен жәҳән чемпионаты мәмлекетимиздиң сайланды топарының 2024-жылғы олимпиада ойынларына таярлық жолындағы үлкен қәдем болыў менен бир қатарда, 17-19 жастағы спортшыларды үлкен спорт майданы «ҳаўасы»нан заўықланыўға жетерли шараят жаратты. Буннан тысқары, Миллий олимпиада комитети, Туризм ҳәм спорт министрлиги және Өзбекстан аўыр атлетика федерациясының қәнигелери ушын бул чемпионат шеңбериндеги жумыслар үлкен спорт әнжуманларын өткериў бағдарындағы тәжирийбесин арттырыўға хызмет етти.
Пайтахтымыздағы «Өзбекстан» мийманханасында усы жәҳән чемпионатында ең жақсы нәтийжелерди көрсеткен топарлар, спортшы ҳәм тренерлер , жарыс төрешилерин сыйлықлаў мәресими шөлкемлестирилди.
Халықаралық аўыр атлетика федерациясы, Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан аўыр атлетика федерациясы жуўапкерлери, миллий федерация басшылары қатнасқан салтанатлы мәресимде жарыс ҳәр тәреплеме жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени , бул жәҳән аўыр атлетикасының раўажланыўына шексиз үлес қосқаны тән алынды.
– Таиландтан келдик. Анығы, чемпионат бул дәрежеде шырайлы өтеди, деп күтпеген едик. Өзбекстанның гөззалығы, Ташкенттиң тынышлығы, көше ҳәм қыябанларының жақтылығы, әпиўайы инсанлардың бир-бирине болған ҳүрмети, әсиресе, сырт еллилерге болған ҳүрметине қуўандым. Өзбекстан халқы дүнья халықларын мийирим-шәпәәт, жақсылық сезимлери менен бирлестиретуғын кеўилли инсанлар екенлигиниң гүўасы болдық.Ташкент естеликлери бир өмир ядымыздан шықпайды, – дейди жәҳән чемпионатында ҳаял-қызлар арасында 49 килограмм салмақта чемпионлық минберине көтерилген Суродчана Кхамбао.
Сыйлықлаў мәресими процеси шын мәнисинде тили, расасы, дини, дүнья қараслары ҳәр қыйлы болған инсанлардың бирлиги, аўызбиршилиги байрамына айланып кетти. Өзбек, корейс, рус, украин, инглис, француз, испан, араб, түрк, ҳинд, япон, грузин тиллеринде тилеклер билдирилди, қосықлар жаңлады, аўыр атлетика бойынша жуўмақланған 86-жәҳән чемпионатының тәсирлери, оның жақсы естеликлери, нәтийжелери, рекордлары еле узақ ўақыт дүньяның түрли мүйешлеринде, қалаларында, шаңарақларында еске алынады.
Усы жәҳән чемпионатының және бир әҳмийетли тәрепи сонда, 11 күн ишинде халықаралық медиа әлемде өз орнына ийе болған бир қатар жәҳән спорт телеканаллары өз бағдарламаларында жәҳән чемпионатын тиккелей көрсетти. Оны жүз мыңлаған тамашагөйлер тиккелей бақлап барды.
Ташкент – жәҳән аўыр атлетикашыларын ғана емес, ал дүнья халықларын жақынластырыўшы, досластырыўшы орай сыпатында еске алынады. Бул, спорт – тынышлық, дослық елшиси екенлигиниң айқын көриниси емес пе?!
Тўлқин РЎЗИЕВ,
ӨзАның хабаршысы