Қәдирли ўатанласлар!

Әзиз бақсышылық көркем өнериниң ғайраткерлери ҳәм ықласбентлери!

Ҳәммеңизди халықаралық көлемдеги үлкен қуўанышлы хабар – быйыл 16-декабрь күни ЮНЕСКОның Материаллық емес мәдений мийрасты сақлаў ҳүкиметлераралық комитети тәрепинен Бақсышылық көркем өнери Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентатив дизимине киргизилгени мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман.

Бул әҳмийетли ҳәм қуўанышлы жаңалық мәденият ғайраткерлери, устаз бақсылар ҳәм талантлы жасларымыз, фольклор көркем өнериниң барлық ықласбентлери, көп миллетли халқымыз ушын әлбетте мақтаныш сезимин бағышлайды.

Бул уллы тән алыў жәмийетшиликтиң Өзбекстанның әййемги тарийхы ҳәм бай мәдениятына, ҳәр түрли дөретиўшилик мектеплер ҳәм избе-из раўажланыў тарийхына ийе болған бийбаҳа бақсышылық көркем өнерине үлкен ҳүрмет-итибардың айқын белгиси болып есапланады.

Шынында да, халық аўызеки дөретиўшилигиниң бул гөззал ҳәм бийтәкирар үлгиси мәмлекетимизде мың жыллар даўамында раўажланып, бәлент шеклерге көтерилди. Бақсышылық көркем өнери елимиздеги ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлар арасында өз-ара ҳүрмет, бир-бирин түсиниў ҳәм аўызбиршилик орталығын және де беккемлеў жолында миннетсиз хызмет етип келди ҳәм ҳәзирги күнде де бул мақтанышлы ўазыйпаны толық орынламақта. Жасларды ана ўатанға, миллий мәдений қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў, оларды әдилликке ҳәм адамгершиликке шақырыў, бәркамал әўлад болып камалға келиўинде жақсылық елшилери болған бақсы, ақын ҳәм жыраўлардың орны ҳәм тәсири теңсиз болып есапланады.

Бақсышылық көркем өнери дөретиўшисинен бир ўақыттың өзинде ҳәм шебер шайыр, ҳәм талантлы қосықшы, ҳәм уста сәзенде ҳәм актёрлық шеберлигине ийе болыўды талап етиўин, оның ушын тек ғана туўма қәбилет, соның менен бирге жоқары дөретиўшилик потенциал, тынымсыз излениў зәрүр екенлигин жақсы билемиз.

Өзбекстан мәканы Эргаш Жуманбулбул улы, Фозил бақсы, Ислам шайыр, Пўлкан шайыр, Бала бақсы Абдуллаев, Шоберди Болтаев, Боборайим Маматмуродов, Абдуназар Поёнов, Қара бақсы Умиров, Шомурод Тоғаев, Қодир бақсы Раҳимов, Зиёдулла Исломов, Норбек бақсы Абдуллаев, Қаландар бақсы Норметов, Абдуқаҳҳор ҳәм Абдумурод Раҳимовлар сыяқлы онлаған бийтәкирар талант ийелерин жетистирди ҳәм бул дәстүр избе-из даўам етпекте. Ҳәзирги күнде елимизде нәтийжели жумыс алып барып атырған 250 ден артық тараў ўәкиллери арасында 25 ге шамаласы «Өзбекстан халық бақсысы» ҳәм «Қарақалпақстан халық бақсысы» атақлары, 1 еўи «Дўстлик» ордени, 11 и «Шуҳрат» медалы, 7 еўи «Ниҳол» сыйлығы, 2 еўи «Келажак бунёдкори» медалы менен сыйлықланғанын атап өтиў зәрүр.

Елимизде бул әййемги көркем өнер түрин қәстерлеп сақлаў, раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мақсетинде кейинги ўақытта қабыл етилген Президент пәрманлары ҳәм Ҳүкимет қарарлары тараўдың раўажланыўына жаңа өмир бағышланғанын атап өтиў орынлы. Соның ишинде, елимизде ЮНЕСКО қәўендерлигинде ҳәр еки жылда Халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалын өткериў жақсы дәстүрге айланды. 2019-жыл апрель айында Термиз қаласында өткерилген биринши ҳәм быйыл сентябрь айында Нөкис қаласында шөлкемлестирилген екинши фестиваль регионаллық ҳәм халықаралық жәмийетшилик мәдений шеңберлеринде үлкен қызығыўшылық пайда етти.

Ҳәзирги күнде елимизде бақсы-шайыр ҳәм ақынлар арасында халықаралық таңлаўлар турақлы өткерип келинбекте, билимлендириў мәкемелеринде бақсышылық көркем өнериниң сырларын оқытыў, келешек әўладларға жеткериў бойынша да үлкен жумыслар исленбекте. Ең әҳмийетлиси, бундай кең көлемли илажлар өзиниң нәтийжесин бермекте. Соның ишинде, ҳәзирги ўақытта республикамыз бойынша бақсылар класы 115 ге жетип, оларда оқып атырған оқыўшылардың улыўма саны 1500 ден, оқытыўшылар саны болса 245 ден артықты қурап атырғаны бул бағдардағы жумысларымыз көлеминен дәрек береди.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў жолында ерискен нәтийжелеримиз ҳәм олардың халық аралық тән алыныўы бизди руўхландырып, үлкен шеклерге ийтермелейди. Биз бул бийбаҳа мәдений мийрасты сақлаў, раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, соның ишинде, бақсыларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын жаңа имканиятларды жумсаймыз. Бул бойынша енди бизге ЮНЕСКО басшылығында халықаралық жәмийетшилик те жәрдемши болады.

Пурсаттан пайдаланып, және бир мәрте барлығыңызды, пүткил халқымызды усы тарийхый ўақыя мүнәсибети менен шын кеўилден қутлықлайман.

Елимизде бақсышылық көркем өнери және де раўажлансын, бақсы, ақын ҳәм жыраўларамызға болса жанажан Өзбекстанымызды дүньяға танытыўда жаңа табыслар ҳәм жетискенликлер яр болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти