Мектебимизде оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде түрли атамадағы мәдений-ағартыўшылық илаж турақлы түрде өткерилип, оған оқыўшыларымыз белсене қатнасып келмекте.

Жақында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 32 жыллығына бағышланып, «Ана тилим-мақтанышым» атамасында өткерилген әдебий кеше оқыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.  Улыўма билим бериў мектеплеринде өткерилген «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» атасындағы илажда оқыўшыларды Нөкис қаласы, Шымбай ҳәм Мойнақ районларына алып барып, Әжинияз, Күнхожа, Бердақ шайырлардың, Ибрайым Юсуповтың естеликлерин зыяратлаў белгиленген еди.  Усы мүнәсибет пенен мектебимиздиң 7-8-9-класс оқыўшыларының Нөкис қаласына саяхаты шөлкемлестирилип, Қарақалпақ әдебияты тарийхы музейинде болды. Әжинияз ҳәм Ибрайым Юсуповтың естеликлерин зыяратлап, оларға гүл-шеңберлерин қойды. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Қырық қыз» спектаклин тамаша етти.

Бундай саяхатлар оқыўшыларда айрықша тәсир қалдырып, олардың шайырларымыздың дөретиўшилик жолына ҳәм шығармаларына болған қызығыўшылығын арттырары сөзсиз. Соның менен бирге мектебимизде Өзбекстан Республикасы Конституция күнине бағышланған илажлар да өткерилмекте.

 

Гөззал МӘМБЕТНИЯЗОВА,

Қанлыкөл районындағы 17-санлы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.

Қарақалпақстан хабар агентлиги