Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-декабрьдеги «Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳаққында»ғы ПП-29-санлы пәрманына муўапық, сондай-ақ, мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкимлериниң жәрдемшилери (кейинги орынларда – ҳәким жәрдемшилери) жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:

  1. Ҳәким жәрдемшилериниң жумысын шөлкемлестириў бойынша республикалық комиссиясы (кейинги орынларда – Республикалық комиссиясы) шөлкемлестирилсин, оның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Республикалық комиссиясы (Қўчқоров) бир ҳәпте мүддетте ҳәким жәрдемшилериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде экономика ҳәм инвестиция комплекслерине киретуғын министрликлер, уйымлар, коммерциялық банклердиң жуўапкер хызметкерлерин (кейинги орынларда – республикалық ўәкиллер) ҳәр бир район ҳәм қалаға бириктирсин, олардың жумыс орны, айлық мийнет ҳақы ҳәм басқа да социаллық төлемлерди сақлап қалған ҳалда, бириктирилген аймаққа бир жыллық хызмет сапарына жиберилиўин тәмийинлесин.

Мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы аймақлық басқармалары ҳәм мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайлары (кейинги орынларда – орайлар) Республикалық комиссия ҳәм республикалық ўәкиллердиң жумысшы уйымлары етип белгиленсин.

  1. а) Республикалық комиссия ағзалары:

поселкалар, аўылларда, сондай-ақ, қалалар, поселкалар ҳәм аўыллардағы мәҳәллелерде (кейинги орынларда – мәҳәллелер) исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жумысларды системалы шөлкемлестиретуғыны;

өзи бириктирилген аймақтағы республикалық ўәкиллериниң жумысына тиккелей басшылық ететуғыны, мақсетли көрсеткишлерге ерисилиўи ушын жуўапкер болатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери менен бирге өзи бириктирилген аймаққа ажыратылған қаржылардың район ҳәм қалалар кесиминде бөлистирилиўин тәмийинлейтуғыны;

б) республикалық ўәкиллер:

район (қала) ҳәкиминиң биринши орынбасары менен бирге орайлар ҳәм ҳәким жәрдемшилериниң жумысына жәрдемлесетуғыны;

ҳәр күни бир мәҳәллеге шыққан ҳалда кеминде он шаңараққа жеке барып, жағдайды ҳәким жәрдемшилери менен бирге үйренетуғыны, халыққа әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясат ҳәм реформалардың мазмун-мәнисин түсиндиретуғыны, анықланған машқалаларды орнында шешиў илажларын көретуғыны;

ҳәким жәрдемшилери, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша сектор басшылары менен биргеликте ҳәр бир мәҳәллени социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарларын белгилейтуғыны, шаңарақ кесиминде дизим тийкарында ҳәр бир мәҳәлле кесиминде ҳақыйқый социаллық жағдайды анықлайтуғыны ҳәм айма-ай әмелге асырылатуғын илажлар режесин ислеп шығатуғыны;

ҳәр бир мәҳәллениң «өсиў ноқаты»нан келип шығып, жетекши исбилерменлер ҳәм ҳәким жәрдемшилери усыныс етип атырған жаңа жойбарларды әмелге асырыўға жәрдемлесетуғыны, мәҳәллелерде халықтың күнделикли талаплары ушын зәрүр болған хызметлер түрлерин раўажландыратуғыны;

халықты, биринши гезекте жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў және олардың бәнтлигин тәмийинлеў жумысларын шөлкемлестиретуғыны;

район (қала) ҳәкимлери ҳәм район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып, үй шараятында дийқаншылық, шарўашылық, қусшылық, пал ҳәррешилик, туқымгершилик, нәлшилик, гүлшилик сыяқлы жумыс түрлерин жолға қойыў жәрдемлесетуғыны;

район (қала) ҳәкимлери менен биргеликте аймаққа ажыратылған қаржылардың мәҳәллелер кесиминде бөлистирилиўин тәмийинлейтуғыны;

в) ҳәким жәрдемшилери:

мәҳәлледеги жумыссыз халықты жумыс пенен тәмийинлеў, оларға турақлы дәрамат дәрегин жаратыўға жәрдемлесиў ушын тийкарғы тәризде мәҳәлледеги табысқа ерискен исбилерменлик субъектлери менен бирге ислесиўинде жумысын алып баратуғыны;

республикалық ўәкиллер менен биргеликте өзине бириктирилген мәҳәллени раўажландырыў бойынша 2022-жылға мөлшерленген «Жол картасы»н ислеп шығатуғыны ҳәм орынланыўын тәмийинлейтуғыны;

ажыратылып атырған ресурслардан нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы мониторингти әмелге асыратуғыны;

әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилиги бойынша район (қала) ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары менен биргеликте турақлы түрде ҳәкимге есабат берип баратуғыны белгиленсин.

  1. Республикасы комиссия ағзалары ҳәм республикалық ўәкиллерге жергиликли бюджет дәраматларының арттырып орынланған бөлегинен мәҳәллелердеги машқалаларды шешиўге бағдарлаў бойынша усыныслар жергиликли ўәкилликли уйымларына киргизиў ҳуқықы берилсин.
  2. Ҳәким жәрдемшилери өз ўазыйпаларын әмелге асырыўда пайдаланатуғын финанслық инструментлердиң 2022-жыл ушын дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

а) шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде ажыратылатуғын кредитлер – 10 триллион сум;

б) халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың өзин өзи бәнт етиўи, сондай-ақ, исбилерменлик жумысын жолға қойыўы ушын ажыратылатуғын қаржылар – 1 218 миллиард сум, соннан:

Бәнтликке жәрдемлесиў мәмлекетлик қорынан жумыс пенен бәнт болмаған халыққа исбилерменлик етиў ҳәм өзин өзи бәнт етиў ушын субсидиялар, кредит ресурслары ҳәм басқа да қәрежетлер ушын – 785 миллиард сум, жумыс пенен бәнт болмаған халықты кәсип өнерге, исбилерменлик ҳәм өнерментшиликке оқыўға бағдарлаў ушын – 210 миллиард сум;

Жәмийетлик жумыслар қорынан жумыссыз халықты хақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартыў қәрежетлери ушын – 222 миллиард сум;

в) Фермер, дийқан хожалықлар ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры есабынан ажыратылатуғын субсидиялар – 50 миллиард сум;

г) ҳәким жәрдемшилериниң усыныслары тийкарында мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў ушын нәзерде тутылатуғын қаржылар – 250 миллиард сум;

д) «Сақаўат ҳәм жәрдем» қоры, «Ҳаял-қызлар дәптери» қоры, «Жаслар дәптери» қоры – 851 миллиард сум муғдарында.

Усы бәнттиң «б»-«д» киши бәнтлеринде көрсетип өтилген қаржылардың республикалық аймақлар кесиминде бөлистирилиўи 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Орайлық банк, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен келискен ҳалда бир ай мүддетте усы қарарға 2-қосымшада көрсетилген қаржыларды район (қала) ҳәм ҳәр бир мәҳәлле кесиминде мәҳәллениң социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм шаңарақлардың санынан келип шығып бөлистирсин.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кредитлер ажыратыўға жуўапкер коммерциялық банклер, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары усы бәнтте көрсетилген қаржылардың айма-ай үзликсиз қаржыландырылып барылыўын тәмийинлесин.

  1. усы қарардың 3-қосымшасында көрсетилген, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңбериндеги кредитлер, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң Бәнтликке жәрдемлесиў мәмлекетлик қоры ҳәм Жәмийетлик жумыслар қоры, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры, «Ҳаял-қызлар дәптери» қоры, «Жаслар дәптери» қорының есабынан исбилерменлик жумысын жолға қойыў, өзин-өзи бәнт етиў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў ушын ажыратылатуғын субсидиялар ҳәким жәрдемшилериниң усынысылары тийкарында ажыратылатуғыны;

ҳәким жәрдемшилери жоқарыдағы бағдарлар бойынша кредитлер ҳәм субсидиялар ажыратыў нәзерде тутылған ҳәр бир жойбардың нәтийжелилиги ҳәм мақсетке муўапықлығын терең үйренген ҳалда оларды ажыратыў ушын жуўапкер уйым ҳәм шөлкемлерге өз усынысын беретуғыны белгиленсин.

  1. Ҳәким жәрдемшилериниң айлық мийнет ҳақысының муғдары олар бириктирилген мәҳәлледеги шаңарақлардың санына сәйкес түрде төмендегише белгиленсин:

шаңарақлардың саны 500ге шекем болған мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 6 есеси муғдарында;

шаңарақлар саны 501 ден 1 000ға шекемги болған мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 6,5 есеси муғдарында;

шаңарақлар саны 1000 нан аслам болған мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 7 есеси муғдарында.

  1. ҳәким жәрдемшилерине төленетуғын орташа айлық мийнет ҳақы талабанның усы лаўазымға жумысқа қабыл етилгенге шекемги бурынғы жумыс орны бойынша орташа айлық мийнет ҳақы муғдарынан аз болған жағдайда жетиспеген бөлеги Ҳәким жәрдемшилери жумысын қоллап-қуўатлаў қоры есабынан компесацияланып барылатуғыны;

орайлар хызметкерлерине район (қала)лық экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлимлери хызметкерлери ушын белгиленген ҳәм Мәмлектелик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын мийнетке ҳақы төлеў шәртлери енгизилетуғыны белгиленсин.

  1. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Ҳәким жәрдемшилери жумысын қоллап-қуўатлаў қоры ҳаққындағы режени тастыйықласын, онда, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутсын:

басқа аймақлардан келип жумыс ислеп атырға ҳәким жәрдемшилери ҳәм республикалық ўәкиллер ушын базалық есаплаў муғдарының еки есеси муғдарында турақ жай ижарасы қәрежетлери ушын компенсация төлеў;

жумысында жақсы нәтийжелерге ерискен ҳәким жәрдемшилери ҳәм республикалық ўәкиллерди ҳәр ай сыйлықлаў;

ҳәким жәрдемшилери мийнет ҳақысының бурынғы жумыс орны бойынша орташа айлық мийнет ҳақы муғдарынан кем болған бөлегин компенсациялап барыў;

өзиниң жеке автомобильинен пайдаланып атырған республика ўәкиллериниң транспорт қәрежетлери, сондай-ақ, бир айда бир рет турақлы жасаў орнына темир жол транспортында барып келиў ушын компенсация төлеў;

жылдың жуўмағы бойынша өзине бириктирилген аймақта жоқары нәтийжелерге ерискен республикалық ўәкиллерге ҳәм ҳәким жәрдемшилерине ипотека кредити тийкарында турақ жай сатып алыў ушын турақ жай баҳасының 50 процентке шекем субсидия төлеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте:

биринши басқышта – 2021-жыл 15-декабрьге шекем республикалық ўәкиллер ушын жаңадан енгизилип атырған системаның түпкиликли мазмуны ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў бойынша бир ҳәптелик оқыў-семинарларын шөлкемлестирсин;

екинши басқышта – 2021-жыл 30-декабрьге шекем республикалық ўәкиллердиң қатнасыўында ҳәким жәрдемшилери ҳәм орайлардың хызметкерлери ушын әмелий шынығыўларды шөлкемлестирсин;

үшинши басқышта – 2022-жыл даўамында ҳәр шеректе республикалық ўәкиллер ҳәким жәрдемшилери ҳәм орайлардың хызметкерлери арасында өз-ара тәжирийбе алмасыў курсларын шөлкемлестирсин.

Бас министр орынбасары Ж.А.Қўчқоров:

үш күн мүддетте оқыў-семинарларға экономикалық ҳәм инвестициялық комплекслерге киретуғын уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм басқа да шөлкемлердиң жетерли маманлық ҳәм тәжирийбеге ийе болған басшы хызметкерлерин тартсын;

Ҳәким жәрдемшилери ҳәм республикалық ўәкиллердиң жумыс нәтийжелилигин баҳалаў системасын енгизсин ҳәм турақлы түрде олардың жумыс мониторингин алып барсын.

Оқыў семинарларын шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў қоллап-қуўатлаў қоры есабынан қапланатуғыны белгиленсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине оқыў-семинарларды өткериўге байланыслы шөлкемлестириў мәселелерин шешиў ўазыйпасы жүкленсин.

  1. 2022/2023-оқыў жылынан баслап жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳәким жәрдемшилерин мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң экономикалық тәлим бағдарларына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң усынысы бойынша мәмлекетлик грант тийкарында сыртқы билимлендириў түрине сәўбет тийкарында оқыўға қабыллаў әмелияты енгизилсин.
  2. Төмендегилер:

ҳәким жәрдемшиси лаўазымы ҳәм орайлар жумысының шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен район ҳәм қалалар ҳәкимликлериниң үлгили шөлкемлестириў структурасы 4-7-қосымшаларға муўапық;

Район (қала) мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайлары хызметкерлериниң шекленген саны 8-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Ҳәким жәрдемшилери ҳәм орайлар хызметкерлериниң штат бирликлери сәйкес түрде мәҳәлле пуқаралар жыйыны баслығының абаданластырыў, қыйтақ жер ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша орынбасары, район (қала) бәнтликке жәрдемлесиў орайларының жумысқа жайластырыў инспекторы, районлар ҳәм қалалардағы көрип шығыў қабыллаўханаларының штат бирликлерин оптималластырыў есабынан шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси менен биргеликте штат бирликлери қысқартылған хызметкерлерди жумыс пенен тәмийинлеўге жәрдемлесиў илажларын көрсин.

  1. Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте:

Мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў ҳәм исбилерменликте раўажландырыў агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы қарарды;

ҳәким жәрдемшилери ҳәм орайлардың тийкарғы ўазыйпалары, функциялары, ҳуқықлары, ўәкилликлери ҳәм жуўапкершилигин белгилеў бойынша үлги режени тастыйықласын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери еки ҳәпте мүддетте район (қала) ҳәкимлери тәрепинен:

Ҳәким жәрдемшилериниң жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режени, орайлардың уставы ҳәм структурасының тастыйықланыўы;

ҳәким жәрдемшилери ҳәм орайларды тийисли имарат (хана), материаллық-техникалық ҳәм заманагөй мәлимлеме қураллары (мебель, компьютер топламы, байланыс, Интернет ҳәм басқалар) менен тәмийинлениўи бойынша илажлар көрсин.

  1. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Х.Шерматов):

ҳәким жәрдемшилери ҳәм республикалық ўәкиллерге «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системасына жалғанған, аралықтан турып есабатлар усыныў ҳәм видео конференция байланыс тәризинде мәжилислерде қатнасыў имканиятын беретуғын арнаўлы планшетлердиң ажыратылыўын тәмийинлесин.

Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардың қаржылары есабынан берилетуғын социаллық напақалар, субсидия ҳәм жеңиллетилген кредитлер ушын арзаларды арнаўлы планшетлерде қабыллап алыў ҳәм дизимнен өткериў көнликпелери бойынша оқыў-тренинглерди шөлкемлестирсин.

  1. бас министр орынбасары Ж.А.Қўчқоров:

ҳәр ҳәптеде Республикалық комиссия, республикалық ўәкиллер, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша сектор басшылары, ҳәкимлердиң биринши орынбасарлары ҳәм ҳәким жәрдемшилериниң қатнасыўында мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумысларды додаласын;

ҳәр ҳәптеде аймақларда шығып, мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў системасы тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларды орнында үйренип барсын, Ҳәким жәрдемшилери ҳәм республикалық ўәкиллер жумысының нәтийжели шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин;

ҳәр айда әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.

Республикалық ўәкиллер ҳәм ҳәким жәрдемшилериниң усы қарарда белгиленген ўазыйпалардан басқа да жумысларды орынлаўға, соның ишинде, мәжилислерге Бас министр орынбасары Ж.Қўчқоровтың рухсатысыз тартыў қадаған етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.А.Худайбергенов ҳәр айда бир мәрте Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханаларына мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша келип түсип атырған мүрәжатларды таллаған ҳалда, ҳәким жәрдемшилери жумысының нәтийжелилигин үйрениў, үйрениў нәтийжелерин халық депутатлары ўәлаятлық, районлы ҳәм қалалық Кеңеслеринде додалап барыў әмелиятын жолға қойсын.
  2. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының шөлкемлестириў структурасын реформалаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  3. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары С.М.Холхўжаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

Бас министр орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа усы қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў, ҳәким жәрдемшиси жумысын орынларда шөлкемлестириў ҳәм усы системаны әмелиятқа толық енгизиў бойынша күнлик қадағалаўды әмелге асырыў жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы (Р.А.Гулямов, Б.М.Мавлонов) әмелге асырылып атырған илажлар нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр айдын жуўмағы бойынша мәлимлеме киргизип барсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 3-декабрь