1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Басың бас па шақша ма?!

(экспромт)

 

«Ана тилим – байлығым?!»

Түсинбедим, ҳайранман.

«Байлық» деген айлығың,

Келип турған ҳәр айда.

 

Ана тилим – руўхым,

Жаным, тәним, өзим бул

Келешегим, бурынғым,

Айта жүрер сөзим бул.

 

Сыңғырлысы емес тил,

Гүмис пенен алтынның.

Тилиң ғана емес пе,

Миллет еткен халқыңды!!

 

Тилден қалса, сен түўе,

Миллет түўел өледи!

Тилиң түўел – ел түўел,

Тил отырған ел етип.

 

Сонда «…тилим – байлығым»,

Дегениңе ҳайранман!

Байлығың бул айлығың,

Алып турған ҳәр айда!

 

Ана тилди ақшаға,

Сатып алып көр қәне!!!

Басың бас па, шақша ма?!

«Шақшама» деп қорқаман.

 

Шаўдырбай СЕЙИТОВ, шайыр

 

Анаң ҳәййиў айтқан тилде…

Жүзинши рет тобанаяқ етип оқпанға тасласа тәғдир

жүзинши рет шақыр ғайып еренди, қырық шилтерлерди

анаң ҳәййиў айтқан тилде,

атаң ўәсият айтқан тилде,

жети атаңнан бери туқымыңда арын сатқан болмаса,

халқын сатқан болмаса,

Ўатанын сатқан болмаса –

келери ҳақ ғайып ерен, қырық шилтерлердиң

 

Сағынбай Ибрагимов, шайыр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги