Усы жылдың 13-ноябрь күни саат 10:00 лерде Мойнақ районы турғыны, Қарақалпақ мәмлекетлик университети 2-курс студенти Қ.М.ның ўақытша ижарада жасап турған үйинен Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығының медалы урланған.

«Тынышлық сақшысы» газетасының рәсмий каналында хабар берилиўинше, өткерилген излеў жумыслары нәтийжесинде бул урлық Нөкис қаласы турғыны К.С. тәрепинен үйдиң есигин өзиниң гилти жәрдеминде ашып кириў арқалы әмелге асырылғаны анықланған.

Мәлим болыўынша, бул пуқара усы жылдың 2-ноябрь күни саат 14:50 лерде Төрткүл районы турғыны, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2-курс студенти Т.Н.ның ўақытша ижарада жасайтуғын үйиниң есиги ашық турғанынан пайдаланып, үйине кирип 150 мың сум муғдарындағы пулларын да урлап кеткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.