Президент Шавкат Мирзиёев 23-ноябрь күни Ташкент қаласы Шайхонтоҳур районында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар менен танысты, халық пенен пикирлести.

Шавкат Мирзиёев дәслеп райондағы Сархумдон мәҳәллесине барды.

Министрликлер ҳәм уйымларды төменги буўынға түсирип, орынлардағы машқалаларды шешиў, барлық бағдарламаларды мәҳәлле кесиминде әмелге асырыў – мәмлекетимиз басшысының  ең тийкарғы талабы.

Сархумдон мәҳәллесинде де жумыс усылай шөлкемлестирилген. Ишки жоллар, майданшалар абат етилген. Жақында бул жерде жаңа Мәҳәлле гүзары қурылды. Саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары, балалар ойын майданшалары, әскерий ўатансүйиўшилик майданшасы шөлкемлестирилди.

Мәҳәлледе 6 мың 500 ден аслам халық жасайды. Бул жердеги 45 көп қабатлы турақ жай өткен әсирдиң 70-жылларында қурылған болып, соннан берли кең көлемде оңланбаған еди. Кейинги жыллары бул турақ жайлардың төбеси ҳәм фасад бөлеги, кириў жоллары толық оңланды.

Аймақта 360 орынлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм 600 орынлы жеке меншик мектеп бар. Оннан артық киши бизнес кәрханасында жергиликли жаслар ҳәм ҳаял-қызлар жумыс ислемекте.

Президентимиз мәҳәлледеги шараятларды көрди. Әскерий ўатансүйиўшилик майданшасы менен танысыў ўақтында бул жерге әскерлер ҳәм спортшыларды тартып, жасларды миллий мақтаныш ҳәм мәртлик руўхында тәрбиялаў бойынша усыныслар берилди.

Мәҳәлледе «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде нәллер егилип, ықшам бағ шөлкемлестирилген. Шавкат Мирзиёев мәҳәлле ақсақаллары менен бирге бул бағқа нәллер отырғызды. Нуранийлар елимизге ҳәмийше тынышлық, халқымызға абаданлық тилеп патия етти.

Мәмлекетимиз басшысы күтилмегенде Гүлабад мәҳәллесине де кирип, жағдайды көзден өткерди. Адамлар менен сәўбетлести.

93 жаслы Анвархўжа ата Президентимизге пәтия берди. Мәҳәлледеги өзгерислерди атап өтип, аталар шайханасын қурып бериўди сорады. Шавкат Мирзиёев бул усынысты қоллап-қуўатлап, атаға беккем денсаўлық тиледи.

Гүлабад мәҳәллесинде Шайхонтоҳур районы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби және 41-улыўма билимлендириў мектеби жайласқан. Президентимиз бул мектеплерди де кирип көрди, муғаллимлер менен сөйлести.

– Көрип турсызлар, билимлендириў менен муғаллимге шараят жаратыўға ҳәрекет етип атырмыз. Бүгин бул жерге келип, өзиме көп жуўмақ шығардым. Бул мектеп имаратын да жаңалаймыз. Пәнлер ушын, спорт ушын жақсы шараятлар болады. Бүгин бир тарийхый күн болып қалады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз 41-улыўма билимлендириў мектеби асханасының тағамнамасын көзден өткерди. Мектеп асханаларында сапалы, тойымлы, балансластырылған тағамнама болыўы ушын кейтеринг хызметин аутсорсинг тийкарында шөлкемлестириў бойынша пуқта жойбар таярлаў бағдарында жуўапкерлерге көрсетпе берди.

Мектеп аймағын көклемзарластырыў, терек нәллерин егиў ҳәм ең тийкарғысы, оқыўшылардың бул бағдардағы көнликпелерин балалығынан қәлиплестирип барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президент мәҳәллелер халқы менен сөйлести.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы райондағы Орайлық көп тармақлы поликлиниканы барып көрди.

Бул емлениў орны 1994-жылда қурылған, 2017-жылы реконструкцияланған. Бул жерде терапия, неврология, кардиология, ревмотология, аллергология, педиатрия, хирургия сыяқлы бөлимлер, диагноз үскенелери бар.

Орайлық поликлиника ҳәм оның қурамындағы 9 шаңарақлық поликлиникада районның 51 мәҳәллесинде жасайтуғын 346 мың халыққа хызмет көрсетилмекте.

Президентимиз бул поликлиникалар тийкарында медицина кластерин шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берди.

– Заман талабы сондай: жеке меншик медицина раўажланып бара береди. Халықтың бир бөлеги жеке меншик клиникаларға барады. Бирақ мәмлекет барлық халықты сапалы медицина менен қамтып алыўы керек. Соның ушын бул жерди кластерге айландырып емлеўди мәнзилли жолға қойыў, нәтийжелилиги ҳәм қамтыўды арттырыўы зәрүр. Адамлар медицинада әдиллик сезиўи керек, – деди Президент.

Жуўапкерлерге бул бойынша тапсырмалар берилди.

Шавкат Мирзиёев Шайхонтоҳур районы Олим Хўжаев атындағы мәҳәлледе де болды. Бул жерде өткен әсирдиң 60-жылларында қурылған еки қабатлы турақ жайларды реновация бағдарламасы тийкарында жаңалаў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысына бул бағдардағы жойбар ҳаққында мағлыўмат берилди. Президентимиз мәҳәлледеги нуранийлар, шаңарақ ийелери менен сәўбетлести.

Президент райондағы «Реал Текс Ташкент» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен де танысты.

Баҳасы 50 миллион доллар болған бул кәрхана быйыл май айында иске қосылған. заманагөй үскенелер орнатылып, ийирилген жип, гезлеме ҳәм таяр тоқымашылық товарларын ислеп шығарыў, бояў ҳәм гүл басыў жолға қойылған. Өткен қысқа ўақыт даўамында 390 миллиард сумлық өним таярланып 19 миллион долларлық экспорт етилген.

Кәрхана жылына 22 мың тонна ийирилген жип, дерлик 6 миллион погон метр гезлеме таярлаў қуўатлылығына ийе. Бул жерде 1 мың 800 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхана өнимлерин көзден өткерди. Жуўапкерлерге қайта ислеўдиң кейинги басқышларын өзлестирип, өним түрлери ҳәм экспорт географиясын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Бул жерде Ташкент қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлери, сектор басшылары, мәҳәлле баслықларының қатнасыўында мәжилис болды. Мәжилисте жаңа система тийкарында мәҳәллерде район ҳәкиминиң жәрдемшиси және Ташкент қаласы ҳәкиминиң жәрдемшиси – жаслар жетекшиси лаўазымларын енгизиў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

– Дүньяда бундай тәжирийбе де, китап та жоқ. Оның ушын, бәринен бурын, пидайы болыў, халықты жақсы көриў керек. Бул еки лаўазымда ислейтуғынлар мәҳәлледе реформалардың тийкары болады, олар исбилерменликти раўажландырыў, жумыссызлықты азайтыў, жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик сиясатты әмелге асырады. Бул ўазыйпа үлкен жуўапкершилик ҳәм мақтаныш, – деди Президент.

Шайхонтоҳур районы бойынша жаңадан тайынланған ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери шығып сөйлеп, мәҳәллелердеги машқалалар, оларды шешиў бағдарындағы усынысларын айтты. Мәмлекетимиз басшысы оларды қоллап-қуўатлап, жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

 

Авазбек ХУДАЙҚУЛОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршылары