Өзбекстан қорғаныў министри, генерал-лейтенант Баҳодир Қурбонов 22-ноябрь күни Қазақстан қорғаныў министри, генерал-лейтенант Мурат Бектанов басшылығындағы әскерий делегацияны қабыллады.
Тәреплер қорғаныў тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң ҳәзирги күндеги жағдайы ҳәм перспективаларын додалап, байланысларды және де күшейтиў бойынша пикир алысты. Атап айтқанда, Қазақстанда болып өткен «Қалқан-2021» ҳәм Өзбекстанда даўам етип атырған «Бирге ислесиў-2021» биргеликтеги оқыў шынығыўының әҳмийети, бөлимлердиң жаўынгерлик таярлығы мәселесине ҳәр тәреплеме тоқтап өтилди.
Сөйлесиў даўамында туўысқан халықлардың аўызбиршилиги, еки тәреплеме әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиў мәселелериниң ҳәзирги ҳәм келешектеги жағдайлары, регионаллық қәўипсизлик мәселелери додаланды.
Ушырасыў соңында Өзбекстан ҳәм Қазақстан қорғаныў министрликлери арасындағы әскерий тараўда бирге ислесиў бойынша бир қатар илажларды өз ишине алған келисимге қол қойылды.
Қазақстан әскерий делегациясының пайтахтымыздағы «Жеңис парки» естелик комплекси, Қорғаныў министрлигиниң «Чимён» таў таярлығы оқыў-шынығыўлар орайы ҳәм Қураллы Күшлер академиясының жумысы менен танысады. Сондай-ақ, Қубла-батыс арнаўлы әскерий округиниң «Термиз» дала оқыў майданында өткерилип атырған «Бирге ислесиў-2021» Өзбекстан-Қазақстан оқыў шынығыўларын бақлаўы да режелестирилген.