Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-ноябрьдеги 696-санлы қарарына муўапық, билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң орташа көрсеткишин есаплаў ҳәм оны жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында есапқа алыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Режеге муўапық, мектеп питкериўшилериниң аттестатындағы 11 жыллық билимлендириўдиң соңғы 6 жыллық баҳалары ЖООға кириўдеги баллға қосылады. Баҳалар электрон платформалар арқалы есапланады ҳәм Мәмлекетлик тест орайының «ABITUR» бағдарламасына жибериледи.

Баҳалардың орташа көрсеткиши 6-11-класслардағы ямаса 6-9-класслар ҳәм 1-2-басқышлардағы жыллық баҳалардың улыўмалық жыйындысын оқытылған пәнлерге бөлиў арқалы шығарылады.

Максимал балл 100 процент деп алынады ҳәм баллар баҳалаў системасына төмендегише өткериледи:

86-100% ушын – 5 баҳасы;

71-85% ушын – 4 баҳасы;

56-70% ушын – 3 баҳасы ҳәм 56% ке шекем – 2 баҳасы.

Бул тәртип 2022-2023-оқыў жылынан баслап қолланылады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.