Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектеби район орайынан 40-50 км узақлықтағы  ең шетки “Шерназар бақсы аўылы”нда жайласқан.

Бул елаттың район орайынан әдеўир узақта болғанлығы себепли, бул аўылда үйлер шашаў ҳәм аз қонысланған. Бирақ, соған қарамастан 2017-жылы  елат балалары ушын  көплеген заманагөй шараятларға ийе мектеп қурып берилген.Бүгинги күни усы оқыў дәргайында аўыл балалары заман талапларына сай билим алмақта.

“18-ноябрь-Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигиниң 30-жыллығы байрамы” мүнәсибети менен “Мәмлекет байрағы-мениң байрағым” атамасында салтанатлы кеше болып өтти.

Онда мектеп директоры Оралбай Шерназаров, директордың руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Ғумшагүл Досымбетова ҳәм мектептиң  Дөретиўшилик мәдений ислер бойынша  үгит-нәсиятшысы Адилбай Оразовлар шығып сөйлеп, кеше қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм елимиз байрағының халқымыз турмысында тутқан орны ҳәм әҳмийети ҳаққында жыйналғанларға кең түсиниклер берди.

Илажда бир қатар мектеп оқыўшылары да шығып сөйлеп, мәмлекетимиз байрағына арналған өз қосықларын айтып берди.

Сондай-ақ, мектепте усы байрам шеңберинде оқыўшылар арасында сүўрет салыў бойынша таңлаў өткерилип, таңлаў жеңимпазлары мүнәсип түрде сыйлықланды.

 

Нургүл Жолдасбаева,

Нөкис районлық ХББ не қараслы 18-санлы улыўма

орта билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги