Бажыхана уйымлары тәрепинен нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысына қарсы системалы илажлар алып барылмақта.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте Төрткүл районы аймағында оператив илаж өткерилди.
Оператив илаж даўамында «Ташкент-Төрткүл» жөнелисиндеги автобуста жолаўшы болып киятырған пуқара М.М.ниң қол сумкасы қалыс гүўалардың қатнасында көзден өткерилди. Онда қара реңли целлофан пакетке өткир ийисли жасыл реңдеги 106,07 грамм «марихуана» нәшебентлик заты ҳәм 4 дана сары реңли скотчқа оралған 22,56 грамм «Спайс» синтетикалық нәшебентлик заты бар екенлиги анықланды.
Ҳәзир бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта
Қарақалпақстан хабар агентлиги