Сийрек гезлесетуғын ҳәм жоқ болып кетиў алдында турған ҳайўанларды фото-қақпанлар жәрдеминде сүўретке түсириў – үлкен жетискенлик. Бирақ, тиккелей жабайы тәбиятта оларды бақлаў болса күтилмеген әўмет болып табылады.
Абдусалом Норматов Арал теңизиниң қурыған ултанында бир неше күн алдын сайғақларды ушыратты ҳәм оларды фотосүўретке түсирди.
«Өзбекстанның жабайы тәбияты» каналының жазыўынша, бул ўақыяның жүз бергенлиги Аралқум шөли тәбийғый комплекслериниң сайғақлар ушын үлкен әҳмийетке ийе жасаў орталығы болып хызмет етип атырғанлығын тастыйықлайды.
Еслетип өтемиз, буннан алдын «Сайгачий» комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханасы аймақларына орнатылған 20 дана фото-қақпан жәрдеминде соңғы бес жылдан берли Үстирт тегисликлерине кирип келиўи тоқтап қалған, Өзбекстан Республикасының «Қызыл китабы» ҳәм Тәбиятты қорғаў Халықаралық аўқамының «Қызыл дизими»не киргизилген сайғақлар падасы анықланғаны ҳаққында хабар берген едик.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.