Ҳәр сапары районға хызмет бабында барғанымызда сүйикли шайырымыз, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың:

Бардур болжаў қәбилетим,

Билген нәрсем сол болады:

Сәл азырақ сабыр етиң,-

Бул жер еле зор болады,

-деген қосық қатарлары ериксиз ядымызға түседи.

Ҳақыйқатында да, 2017-жылдың 1-июль сәнеси район халқы ушын және бир есте қаларлық тарийхый күн сыпатында сақланып қалатуғын болды. Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басламасы ҳәм басшылығында усы жылдың 20-январь күни басланған мойнақшылардың әсирлер бойы әрманы болған «Қоңырат-Мойнақ суў обьектти қурылысы» жойбары қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда қатнасқан Өзбекистан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Раматов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, министрликлер менен ведомстволардың басшылары дәслеп жаңадан қурып питкерилген Қоңырат суў бөлистириў шақапшасында болып, жумыслар менен танысты. Усы жерден Мойнақ районының халқына үзликсиз таза ишимлик суўы жеткерилип бериледи.

Буннан кейин Мойнақ суў бөлистириў шақапшасында болып өткен салтанатта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Раматов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Қоңырат-Мойнақ суў тармағы қурылысының пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.  Улыўма сметалық баҳасы 26,6 миллиард сум, узынлығы 101 километр болған бул обьекттиң пайдаланыўға тапсырылыўы Ҳүрметли Президентимиздиң республикамыз, соның ишинде Мойнақ районының халқына айрықша ҳүрмет ҳәм ғамхорлығының және бир айқын көриниси болды.  Жаңа обьекттиң пайдаланыўға тапсырылыўы бас бөлип алып ислеўши «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң «СПМС» арнаўлы көшпели механизацияласқан станциясының қолы гүл  қурылысшыларының Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы байрамы алдынан район халқына әжайып саўғасы болды.

Журтбасшымыз усы жыл январь айында республикамызға сапары ўақтында Қоңырат-Мойнақ суў тармағының қурылысы менен жақыннан танысып, тийисли тараў басшыларына көрсетпелер берген еди. Мине арадан бес ай өтип район халқын суткасына 7 мың куб метр ишимлик суўы менен тәмийинлейтуғын жойбар өз мүддетинде сапалы питкерилди.

Ҳақыйқатында да, республикамыздың ең шетки аймағында жайласқан районға барған адам бул жерде кең көлемдеги қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының гүўасы болады. Бунда Президентимиздиң 2017-жыл 28-февраль күни «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Қарардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде 72 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған болса, соннан бүгинги күнге 36 жойбар иске түсирилди. Нәтийжеде 500 ден зыят жаңа жумыс орны жаратылды. Жақын күнлерде халыққа  турмыс хызметин көрсетиў шақапшалары, дем алыў орынлары, спорт майданшалары қурып питкериледи.

-Халқымыздың көп жыллық әрзыў-әрманы бүгин иске аспақта,-дейди «Нураный» қоры районлық бөлиминиң баслығы Жаңабай Жүсипов.-Бундай қайырлы истиң басында турған Ҳүрметли Президентимизге район халқы, соның ишинде кексе нураныйлар атынан шексиз миннетдаршылық билдиремен.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 18-январьдағы «2017-2021-жылларда Аралбойы регионын раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары тийкарында тек район орайының емес, бәлким шетки аўыл турғынларын да таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, «Нөкис, Беруний, Мойнақ, Қоңырат ҳәм Қараөзек районларын суў менен тәмийинлеў системаларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў» жойбары шеңберинде буйыртпашы «Өзкоммунхызмет» агентлиги тәрепинен «Азия раўажландырыў банки»ниң қаржыландырыўында Мойнақ районының 6 елатлы пунктинен 826 шаңарақтан 4108 халық таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди. Буннан тысқары, «Мойнақ-Үшсай» суў тармағы және 8,51 километрге узайтылып, ең шетки аўыл турғынларының да суў тәмийнаты жақсыланады.

Қоңырат-Мойнақ суў тармағы қурылысының пайдаланыўға тапсырылыўы ҳақыйқый  байрамға уласып кетти. Жыйналғанларға республикамыздың көркем өнер шеберлериниң рәң-бәрең концерт бағдарламасы қойып берилди. Президентимиздиң тиккелей басшылығында ишимлик суўының пайдаланыўға тапсырылыўы мойнақшылардың турмысында ең бахытлы ҳәм умытылмас мәўритлердиң бири болып қалады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.