24-октябрь күни Өзбекстан Экологиялық партиясынан талабан Нарзулло Обломуродов, Халық демократиялық партиясынан талабан Мақсуда Ворисова, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан талабан Шавкат Мирзиёев, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан талабан Алишер Қодиров, «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан Баҳром Абдуҳалимов Президент сайлаўында даўыс берди

Өзбекстан Экологиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Нарзулло Обломуродов Ташкент қаласындағы 579-сайлаў участкасында даўыс берди.

Мәмлекетимизде демократиялық принциплер тийкарында социаллық-экономикалық қатнасықларды нызамшылық жолы менен муўапықласытырыў, халықтың турмыс сапасы ҳәм дәрежесин және де арттырыўға қаратылған реформалар өзиниң нәтийжесин бермекте.

Раўажланған мәмлекетлердиң бул бағдардағы алдыңғы тәжирийбеси ҳәм миллий дәстүрлеримиздиң өз-ара үйлесиўи нәтийжесинде миллий сайлаў нызамшылығымызда халқымыздың өз ерк-ықрарын еркин билдириўин тәмийинлейтуғын тәреплер өзиниң көринисин таўып атыр.

Президентлик сайлаўы биринши мәрте сайлаўлар даўамында топланған миллий тәжирйибе, алдыңғы сырт ел сайлаў әмелияты, сондай-ақ, халықаралық стандартлар тийкарында қәлиплестирилген Сайлаў кодекси тийкарында болып өтпекте. Усы сайлаў кодексинде Президентлик сайлаўының өзине тән өзгешеликлери менен бирге, сиясий партиялар ҳәм олардың талабанлары тәрепинен алып барылып атырған үгит-нәсият түрлери, формалары және усыллары анық белгилеп қойылды.

Буннан тысқары, мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте жаңа сиясий партия сыпатында Өзбекстан Экологиялық партиясы өзиниң сиясий ҳуқықынан пайдаланыў ҳәм қатнасыў тилегин билдирди. Сайлаўға таярлық барысында Экопартия платформасы көрип шығылды.

«Биз келешек ушын жуўапкермиз» сүрени астындағы сайлаў алды бағдарламасының бас мақсети – мәмлекетте экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, жасыл раўажланыў принциплерин экономиканың барлық тараўларына кеңнен енгизиў арқалы халқымыз ҳәм келешек әўлад ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў және абадан жәмийет қурыўдан ибарат.

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Халық демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан  Мақсуда Ворисова пайтахтымыздың Учтепа районындағы 206-сайлаў участкасында даўыс берди.

Мәмлекетимизде болып атырған ҳәзирги сайлаўға ҳәр қашанғыдан да үлкен таярлық көрилгени, усы күнлери пүткил елимиздиң сайлаў руўхы менен жасап атырғаны ҳәр қәдемде анық сезилмекте. Пуқаралардың  ҳуқық ҳәм еркинлиги, миллий сайлаў нызамшылығы жәҳән үлгилерине үнлеслигин тәмийинлеўге тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.

Миллий сайлаў системасы турақлы жетилисип баратырғанын айтыў орынлы. Раўажланған мәмлекетлердиң бул бағдардағы алдынғы тәжирийбеси ҳәм миллий дәстүрлеримиздиң өз-ара үйлесиўи нәтийжесинде миллий сайлаў нызамшылығымызда халқымыз өз ерк-ықрарын еркин билдириўин тәмийинлейтуғын тәреплер өз көринисин таўып атыр. Быйылғы сайлаўлар ашық-айдынлық принциплери тийкарында өткерилди. Онда 2019-жылы қабыл етилген Сайлаў кодекси әҳмийетли тийкар болып хызмет етти.

Өзбекстан Республикасы Халық демократиялық партиясы халықты социаллық қорғаў, әсиресе, жәрдемге мүтәж қатламларға итибарды күшейтиў, социаллық-ағартыўшылық бағдарындағы мәселелерге итибар қаратып келмекте.

Ўатанласларымыз Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында белсене қатнасты. Бул болса олардың Ўатан тәғдири, ел келешеги, перзентлеримиздиң ертеңги күнине жуўапкершиликти шын кеўилден сезип атырғанынан дәрек береди.

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Президентликке талабан Шавкат Мирзиёев шаңарақ ағзалары менен бирге Ташкент қаласы Мырза Улығбек районындағы 59-сайлаў участкасына барып даўыс бериў процесинде қатнасты.

Сайлаў ҳәм сайланыў пуқаралардың ең тийкарғы сиясий ҳуқықларынан бири. Өзбекстан Республикасының Конституциясында бул бағдардағы теңлик ҳәм еркинлик кепилленген.

Кейинги бес жылда миллий нызамшылығымыз жетилистирилди және сайлаўларды өткериў әмелияты сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Быйылғы Президент сайлаўлары биринши мәрте 2019-жылдың 25-июнинде қабыл етилген Сайлаў кодекси тийкарында өткерилди.

Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткеретуғын 14 сайлаў округи ҳәм 10 мың 761 сайлаў участкасы дүзилди.

Сайлаўда мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған бес сиясий партия қатнасты. Оның ушын оларға тең ҳәм еркин шараят жаратылды.

Быйылғы процесслер мәмлекетимизде демократия раўажланған, халықтың сиясий белсендилиги және де артқан орталықта болып өтти. Партиялар арасында да, сайлаўшылар арасында да бәсеки, додалаўлар болды. Талабанлар бир-бириниң сайлаўалды бағдарламасына сын көзқарастан мүнәсибет билдирди. Олардың ўәкиллери арасында теледебатлар болып өтти.

Сайлаўды дерлик елиў мәмлекет ҳәм жигирмаға шамалас абырайлы халықаралық шөлкемнен жәми 971 халықаралық бақлаўшы тиккелей бақлап барды. Салаў процесслеринде ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм хабардарлықты арттырыў мақсетинде  1 мың 700 ге шамалас жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери аккредитациядан өткерилди.

Президент сайлаўы мәмлекет келешеги ушын әҳмийетли сиясий ўақыя болып есапланады. Пуқаралар буны терең сезинип, сайлаўда белсене қатнасты.

   *  *   *

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентилигине талабан Әлишер Қодиров Ташкент қаласындағы 116-сайлаў участкасында даўыс берди.

Мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын және де жоқарылатыў, ертеңги күнимиздиң раўажланыўында Президент сайлаўы шешиўши әҳмийетке ийе. Соның ушын да елимизде бул сиясий процесске пуқта ҳәм қызғын таярлық көрилди. Сайлаў жаңа Сайлаў кодекси тийкарында шөлкемлестирилди.

Пуқаралардың мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе екени Конституциямызда беккемлеп қойылған. Сайлаўлар демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы белгиси, халық ерк-ықрарының еркин көриниси болып есапланады. Мәмлекетимизде жаратылған сайлаў системасы пуқаралардың ең әҳмийетли сиясий ҳуқықының толық әмелге асыўына хызмет етип атыр.

Сайлаў процеси халықаралық ҳуқық нормаларына сай, ашық-айдынлық, көп партиялылық, еркинлик, теңлик принциплерине муўапық болып өтти. Онда сайлаў сисмемасына байланыслы нызамшылықта пуқаралардың сайлаўалды кампаниясында ҳәм даўыс бериўде еркин қатнасыўы, даўыс бериў жасырын екенлиги, оны ҳәр бир пуқараның өзи тиккелей әмелге асыратуғыны белгилеп қойылғаны айрықша әҳмийетке ийе.

   *   *   *

Өзбекстан «Адолат» социал-емократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Бахром Абдуҳалимов Ташкент қаласындағы 405-сайлаў участкасында даўыс берди.

Елимизде демократиялық принциплер тийкарында социаллық-экономикалық қатнасықларды нызамшылық жолы менен муўапықластырыў, халықтың турмыс сапасы ҳәм дәрежесин буннан былай да арттырыўға қаратылған реформалар өз нәтийжесин бермекте. Нызам үстинлиги ҳәм социаллық әдилликти тәмийинлеў, экономиканы қоллап-қуўатлаў арқалы тараўға инновацияларды енгизиў, кадрларды мақсетли таярлаў, илимди раўажландырыў, пуқаралық жәмийети институтларының ролин және де арттыў бағдарындағы алып барылып атырған жумыслар дүнья көлеминде тән алынбақта.

Миллий нызамшылығымызда халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги екени сәўлеленген. Пуқаралардың мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықларына ийе екени Конституциямызда беккемлеп қойылған. Сайлаўлар күшли пуқаралық жәмийетине тийкарланған демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң ажыралмас белгиси, халықтың өз ерк-ықрарын еркин билдириўи, жәмийет ҳәм мәмлекетти басқарыўда пуқаралар қатнасыўының тийкарғы түри болып есапланады. Елимиз келешеги, оның буннан былай да раўажланыўы сайлаўлардың ең уллы демократиялық талаплар ҳәм улыўма тән алынған халықаралық стандартларға сай, Бас конституциямызда беккемленген қағыйдалар тийкарында өтиўине, сайлаўшылардың белсендилиги ҳәм олар қабыл еткен қарарына байланыслы.

Пайтахтымыздың Шайхонтоҳур районындағы 405-сайлаў участкасында даўыс бериў процеси шөлкемлескенлик пенен өткерилди. Бул сайлаў участкасында 2 мың 666 сайлаўшы дизимге алынған. Олар арасында биринши мәрте даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылар 18 ди қурайды.

 

ӨзА