Кеўил қусым ушып кетти изинен,

Услай алмай қалдым усы сапары.

Ж.Өтениязов

 

1.

«Улмамбет аға! Жумыстан келсем, ақлықларыңыз Айзада менен Шахзада Сизиң берип жиберген китабыңызды (У.Хожаназаров. Кеўил қусым. «Қарақалпақстан», 2010.) әкелип берипти. Биринши бетине бир куплет қосық та жазыпсыз:

«Халқың – қарақалпақ, атың – Тамара,

Руўхыят булағын таңда жағала,

Шайырлардың ғаррысы жоқ, жасы жоқ,

Бизди де умытып кетпең набада.

Үлкен ҳүрмет, айрықша иззет пенен автор. 20.10.2010.» деп қол қойыпсыз.

Бул «сюрпризиңизден» кейпиятым әбден көтерилип, түнниң бир ўағына дейин поэзия теңизинде толқып отырғанымды жасырғым келмейди…

 

2.

Соннан берли көп күнлерге шекем китабыңызды сумкама салып, сәл қолым саўа болса оқып, жумыстағы кәсиплеслериме де, досларыма да қосықларыңызды оқып берип жүрдим. Балаларыма, әсиресе, «Ақлықларыма саўға» деген бөлими унап қалды. Күнде кеште жумыстан келгенде енди тили шығажақ Айдәўлетке «Әўелемен, дүўелемениңизди» айтқызаман:

– Әўелемен, дүўелемен,

Аяқлар да түўел екен:

Аппақ қызы Айжан менен,

Батыр улы Байжан менен,

Бажбан атам қайда кетти?

– Айға кетти.

– Қашан келер?

– Жаз келер.

– Сен тур,

– Сен шық.

Оннан кейин Дүрдана, Гүлистан, Айымхан төртеўи сапқа дизилип, даўыс қосып «Бала пышықты» айта баслайды:

Бала пышық, бала пышық,

Жүниң мамық ғана пышық,

Қалай тамақ тойдырасаң,

Аўқатыңды жалап ишип…

«Ҳәкке мырзаны» да ядлаў аңсат екен. Мен қызыққа үйдегилерге оқып бере берген қусайман. Айдәўлет бир-еки күннен:

Ҳәкке мырза, ҳәкке мырза,

Танымалы көпке мырза,

Ҳәр путаға үңилесең,

Урлығыңыз көп пе мырза?…, – деп өзиме айтып берип тур.

«Қуралбай» менен «Мураттың тили», «Қус жолы» ертеңге қалады. Бул қосықлар бизлердиң үйимизге қаншелли қуўаныш ҳәм заўық бағышлағанын көрсеңиз еди! Дем алыс күнлери папамызға ҳәммемиз жаңа қосығымызды тыңлатамыз, аўылдан келген кемпир апасы: «қызларымның қыссасы жақсы екен» деп марапат береди. Әне, бизиң жақта сондай әңгимелер.

Бул қосықларды өзбек тилине мәмлекетлик бийлик берилгенине байланыслы университетте болып өткен кеше қатнасыўшыларына оқып берген едим. Ертеңине Замира Қабулова деген өзбек тили муғаллими пышығының бармағын санағанын күлип айтып берди, пышық жәниўардың бармағы төртеўден екенлигин серлемеген билмейди.

Сизиң балаларға арналған қосықларыңыз буннан қырық-елиў жыл бурын өзбек тилиндеги қосықлар жыйнағында да жәрияланған. Мектеп оқыўшылары ушын сабақлықлар авторы илимпаз Зияда Бекбергеноваға балалардың тилине қайым, ықшам қосықларды «Әлипбеге» ямаса «Оқыў китабына» киргизип, жаңалап барсақ, бул жеткиншеклеримиздиң тилин, ой-өрисин өсириўге көмек беретуғыны тақыйық-ғой», деген едим. Ол да Сизиң поэзияңыздың ықласбенти екен, келешекте жазатуғын сабақлықларында Сизиң қосықларыңыз үлги сыпатында усынылатуғынын айтты. Бул жақсы. Себеби балалар поэзиясы тек кишкентайлардың кеўлин көтерип қоймастан, ата-аналарының да жүреклерине қозғаў салады. Пенсияға шыққан аталар менен әжелер де көбинесе ақлықларының тәрбиясы менен шуғылланатуғыны бурыннан мәлим ҳәдийселер-ғой.

 

3.

Бир топар дөретиўши қызлар әмиўдәрьялы журналист Ханымжан Ражапованың баласының үйлениў тойынан қайтарсын «Түнги қосық», «Туўған жер», «Қәдирли» деген нама қосықларыңызды айтып, «Газелдиң» ишин жаңлатып киятырмыз. «Шылпық», мунарланған Қаратаў, кең жазық далалар, бул күнлери әдеўир тыншып қалса да Жәйҳундәрья кеўлимизди таўдай көтереди. Қосықларыңызға ўақтында намалардың жақсы шыққанына да шайырлығыңыз себеп болған-аў. Намасы да, атқарылыўы да, сөзи де үйлесимли. Тез ядлап, тегинликте умытпайсаң. Сондай афоризмлерден еске түсирейик:

«Болсадағы қарыстай,

Туўылған жер қәдирли.

Қатарыңнан қалыспай,

Жуўырған жер қәдирли»…

«Бул кеўлимниң арзыў-ҳалын, сырларын,

Ким түсинер сеннен басқа туўған жер»…

«Анам яңлы жалғыз улын қыймаған,

Мен сени қыймайман ҳасла, туўған жер».

Ўатан сезими ҳәр жүректе ҳәр қыйлы жаңлайды. Сонда да ким туўылған жер туўралы қосық жаздым десе, негедур Әжинияздың «Еллерим бардысы» менен Аяпбергенниң «Тәрипи» қатарында  Сизиң «Туўған жериңизге» салыстырғым келе береди…

 

4.

«Кеўил қусым» топламы туўралы «Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң хабаршысы» илимий журналының редакциясында шайыр Сағынбай Ибрагимов пенен сәўбетлесип қалғанымызда, ол «Ушырасыў», «Онда бәҳәр еди», «Ҳәким қызы Разия», поэмаңыз «Әпиўайы аўыл әңгимеси», басқа да дөретпелериңизди ядқа билетуғынын аңлап қалдым. Бундай сулыў қатарлар мийиңизге қалай қуйылды екен!? Бир қызығы, бул қосықлар қәлеген оқыўшының ядына қуйыла береди! «Бурын журнал вариантында басқаша еди» деп айырым өзгерислерге шекем билип баратыр. Меннен сизиң үй телефоныңызды, адресиңизди анықлап бериўимди сорады. «Не қылажақсаң?» десем, «сөйлесежақпан, айырым қосықларының кимлерге арналғанын билежақпан, сен де жаз, ағамыз қуўанып қалсын» деп усыныс етти. Мен «әдебият сыншысы емеспен, оның үстине баспасөз ушын қосық таллап көргеним жоқ» десем, «күни менен маған айтып отырғанларыңды жаз» деди. Шынында да? усы гәп қамшы, неге енди әпиўайы оқыўшы сыпатында нәзик лирикаңыз себепли оянған гөззал туйғыларымды, сезимлеримди хатқа сала алмас екенмен, деп ойладым. Оның үстине өзиңиз де «Бизди де умытып кетпең набада» дегендей шама қылыпсыз. Ким де болса баспасөзде бир нәрсе жәрияласа, ел не дер екен, деп кулағын түрип жүреди. Сонша толғаныслардан «семиз» китап шығарсаң, бул аз нәрсе емес-ғой.

Биреўлерди бир қосық пенен аты әдебиятта қалды, деп ҳайран қалсақ, биреўлер сонша китап шығарғаны менен бир қатарын ядқа билмек түўе, қосығын ақырына шекем оқып таўысыўға шыдамымыз жетпейди. Усындайда поэзия сыншысы болмағаныма қуўанаман! Ал бүгин усы топламды күн сайын оқыйман да, ләззетленемен. Соңынан бир нәрсе жазыўым тийислигин ойласам, әдебиятшы емеслигимнен пушайман боламан.

Философ илимпаз Юсупбай Әлимбетов Алматыда журналистика факультетин питкерген, поэзияны күтә жақсы таллайды екен. «Бухара сапарынан» жазылған философиялық шығармаңыз оған яд болып қалған. Ағамыз усы қосық пенен байланыслы бир қанша илимий ойларын айтты. Сонда мен буннан жигирма жети жыл бурын курсласым, ҳәзирги «Тахтакөпир таңы» газетасының редакторы Гүлнара Дәўлетмуратова (ол Палўанияз «ағаш қуйрықтың» Дәметкен деген қызынан туўылған ақлығы) «Тозады екен, тозады екен бәри де, Тек жулдызлар қалады екен мәңгиге!» деп басын силкип қайта-қайта ядтан айта беретуғынын ойладым.

Сиз қызық адамсыз. Ибрайым Юсуповтың «Қара көйлек ишинде» деген қосығын көп минберлерден айтып әбден даңқын асырдыңыз. Сондай етип неге өзиңиздиң де көп ғана тамаша қосықларыңыздан халық алдында оқый бермейсиз?

Устазымыз Малика Жумамуратова сөз қәдири ҳаққындағы лекциясында Сизиң:

«Кешир мени әдиўли әкем,

Рухсатсыз кетемен тағы.

Кешир мени әдиўли әкем,

Жалғыз улыңман-ғой баяғы» – деген қатарларыңызды Есенинниң жүрек тербелислери менен үнлес деп баҳалап, толығы менен оқып бергени есимде. Сонда ол усы қосықты Сизиң телевидениеден бир шығып оқығаныңыздан ядлап қалғанын айтқан. Бул дурыс. Поэзияңыздың салмағы басым, екиншиден, өзгеше оқыў усылыңыз бар. Лермонтовтың «Әзәзүл» поэмасын ядтан  оқып бергениңиз Қарақалпақстан телевидениесиниң «Алтын қорында» елеге шекем сақланыўы тегин емес шығар. Бул поэманы телевидениедегилер жаңадан өшпес ленталарға қайта жазып алса, жанларына саўап болар ма еди? Буған өзиңиз не дейсиз?

«Ўа шайырлар, шайырлар,

Даңқыңызды жайыңлар.

Алғысынан халқымның

Алатуғын пайың бар.

Көп китапты үйдим мен,

Шығарман деп дийдиңнен,

Наны жуқа кәсиптиң

Дәртинен ақ күйдим мен».

Буннан азлап юмор-сатираның самалы еспей ме?!

 

5.

«Әпиўайы аўыл әңгимеси»…

Поэма жүрегимди езип жиберди.

«Абатжапты қонған жағалап,

Бизиң аўыл он бес шаңарақ.

Күн батысы «Дәўдиң тереги»,

Ортасында мектеп бар еди.

Қойымшылық еди қубласы

ҳәм «Айжамал өзектиң» қасы

Даңғырлаған арба жол еди,

Отыншылар соннан келеди.

Гөне аңғар оның аржағы,

Шеңгел басып кеткен жән-жағын…»

Қәдимги қарақалпақ аўылларының буннан артық сулыў сүўрети бар ма екен?!

«Адам еткен ақ сүт емизип,

Өз анамды «кише» дегизип…

Бул дәстүрлер елеге шекем халқымыз арасында әдиўли. Әдетте, туңғыш перзентлер әкесине ини, қарындас, анасына қәйин, бийкештей болады. Поэманы бир ме бир таллап отырыўға дәтим шыдамайды. Баланың нәзик жүреги, келиншектиң, ананың образы, қарақалпақ аўылларының пейзажы, аўыл адамларының нағыз қарақалпақы минез-қулқы, психологиясы не деген тәсирли! Бундай етип жазыў ушын нәҳән қарақалпақ болыў керек, ал түсинип оқыў ушын әпиўайы карақалпақ болғаныңның өзи жетип атыр, ямаса, қарақалпақтың дузын жеп, суўын ишкен, усы топырақта туўылып, усы жерде өлиўди қәлейтуғын қәлеген инсан поэмадан тәсирленбей тура алмайды. Бир жақсы жери де усында. Бир жаман жери де усында. Нағыз қарақалпақша жазылғаны себепли басқа тиллерге аўдарыла алмаслығы. Аўдармалағанда да шебериниң қолына түспесе оңбай шығатуғынлығында. Тилдиң, сөздиң қүдирети де усында болса керек. Соның ушын да шайырлар «егер ертең ана тилим жоғалар болса, бүгин мениң өлгеним жақсы» дей беретуғыны соннан шығар.

Сиз топлам шығарып бизди қуўанттыңыз. Бирақ ҳәриплери булдырап онша көзге илиниңкиремей атырғанынан қапа болдым. Сизге емес, әлбетте, өзимниң көзимнен ҳәм «баспашыдан». Қәнекей, усындай көркем сөздиң гөззаллығы баспадан шығарылыў сапасында да толық аңланғанында ма!?

«Улмамбет аға, ул аға,

Атың жүректе тур аға.

Йош булағың ортаймай,

Жасаң аға, қартаймай.

21.10.2010.»

Сизиң ҳәсериңиз урды ма, мен де усы уйқасларымды китабыңыздың ақырғы бетине жазып қойдым. Гәпимди усы жерде туўараман. Себеби, Шийрин деген достым қояр да қоймай китабыңызды узаққа алып кетти. Кеўлин жыққым келмегенликтен «елшилик, тағы бир данасын таўып аларман-дә» деп ойладым. Ҳәзирше усы жерде бираз тынып турамыз.

Ҳүрмет пенен, бир заман «руўҳыят булағын жағалап шыққан» оқырманыңыз Тамара Машарипова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.