Қарақалпақстан аймағындағы «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы 2021-жылдың май айынан баслап өз жумысын баслаған еди.
Усы жылдың 18-21-октябрь күнлери буйыртпа қорықханада биринши мәрте ҳайўанат дүньясы санағы өткерилди.
Қорықхана мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бундай жумыслар «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы аймағындағы ҳайўанлар, қуслардың санын анықлаў мақсетинде әмелге асырылып атырған болып, олар арасында Өзбекстан Республикасының «Қызыл китабы»на киргизилген сийрек гезлесетуғын түрлер де бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.