2021-жыл 20-октябрь күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы Мәжилис Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлеринде жанлы эфирде берип барылды.
Олий Мажлис Сенатының жигирмаланши жалпы мәжилисинде дәслеп, арнаўлы жумысшы топардың турақ жайларды ажыратыў, оларға ҳуқықый статус бериўге байланыслы ҳүжжетлер, соның ишинде, архив ҳүжжетлеринен пайдаланыў, жер ҳәм салық нызамшылығын таллаў бойынша үйрениў нәтйижелери жәрияланды. Бул мәселе Сенаттың бурынғы жалпы мәжилисинде көрип шығылған еди. Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети баслығының орынбасары Шуҳрат Чўллиев бул бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Күн тәртибинде «Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийети басқармасы баслығының жумысы ҳаққындағы мәлимлемени тыңлаў да нәзерде тутылған еди.
Бирақ, Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң бул мәселени және де ҳәр тәреплеме үйрениў мақсетке муўапық екенлиги, ҳәм оны күн тәртибинен шығарыў ҳаққындағы усынысы сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның 2021-жылдың үшинши шерегиндеги орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң есабаты тыңланды.
Сенаторлар мәмлекетимизде коронавирус пандемиясының социаллық-экономикалық жағдайға тәсирин жумсартыў бағдарында ҳүкимет тәрепинен өз ўақтында көрилген илажларды унамлы баҳалады.
Алып барылған реформалар нәтийжесинде 2021-жылдың январь-сентябрь айларында жалпы ишки өнимниң өсиўи өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 106,9 процентти, соның ишинде, санаат – 109,0 процентти, хызметлер – 107,6 процентти, аўыл хожалығы – 104,2 процентти қураған. Саўда айланысының көлеми 167,0 триллион сумға жетип, өткен жылға салыстырғанда 109,8 процентке өскен.
Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаслар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды исбилерменликке кеңнен тартыў мақсетинде 90,2 мың пуқара, соның ишинде, 48,6 мыңнан аслам жаслар және 59,6 мың ҳаял-қыз кәсип-өнерге, исбилерменликке оқытылған.
«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген 28,6 мың жумыссыз пуқараға 58 миллиард 900 миллион сум субсидия ажыратылған. «Жаслар дәптери»не киргизилгенлердиң шет тиллери ҳәм улыўма билимлендириў пәнлери бойынша мәмлекетлик емес шөлкемлерде оқыў қәрежетлериниң бир бөлими және олар бойынша миллий сертификатлар алыў ушын өткерилетуғын имтиханларды тапсырыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиў жолға қойылған.
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларында нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў ушын республикалық бюджеттен 9 триллион 800 миллиард сум жумсалған және жергиликли бюджетлерге, мине, усы мақсетлер ушын 301 миллиард сум ссуда ажыратылған.
Халықтың саламатлығын беккемлеў мақсетинде жәми 27 миллион дозаға шамалас вакцина алып келинип, 23 миллион дозаға шамалас вакцина менен дерлик 5 ярым миллион халық коронавирусқа қарсы барлық басқышларда толық шаншылған.
Сондай-ақ, елимиздеги қоспа кәрханада ислеп шығарылып атырған «Sputnik V» вакцинасы халықты шаншыў илажларында пайдаланыў ушын тапсырылған.
Денсаўлықты сақлаў системасында алып барылған реформалар нәтийжесинде 82 шаңарақлық шыпакер пункти ҳәм 19 шаңарақлық поликлиника шөлкемлестирилген.
Жалпы мәжилисте Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар менен бирге айырым кемшиликлердиң бар екенлиги атап өтилди.
Соның ишинде, мәдений мийрас объектлериниң есабын жүргизиў, сақлаў ҳәм қорғалыўын тәмийинлеў шеңберинде барлық мәдений мийрас көшпес мүлк объектлерин қайтадан тарийхый-мәдений экспертизадан өткериў және миллий руўхыятын қайтадан қәлиплсетириў, мәдений мийрас объектлериниң электрон порталын жаратыў, оны мәмлекетлик электрон хызметлер менен интеграциялаў, мәмлекетлик кадастр ҳүжжетин рәсмийлестириў ҳәм мәмлекетлик кадастрлар бирден-бир системасына тийисли мәлимлемелерди жайластырыў жумыслары жуўмақланбаған.
Айырым аймақларда Жаслар технопарклериниң жумысын шөлкемлестириў бойынша алып барылып атырған жумыслар қанаатландырарсыз.
Додалаўлар жуўмағында Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң сенаторлар Бас министрдиң орынбасарының жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм майыплығы болған балаларға көрсетилип атырған медициналық-социаллық хызметлердиң сапасын жақсылаў бойынша мәлимлемесин тыңлады.
Президент пәрманлары ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылған жумыслар айрықша атап өтилди. Әсиресе, «Меҳрибанлық үйлери», балалар қалашаларына президентимиз тәрепинен Миллий гвардияның жуўапкер сыпатында бириктирилиўи тараўда жыллар даўамында жыйналып қалған машқалалар әсте-әсте өз шешимин табыўына алып келип атырғаны атап өтилди.
Атап өтилгениндей, Балалар мәселелери бойынша миллий комиссия ҳәм аймақлық комиссиялар ҳаққындағы режелер тастыйықланған. Балаларды турақ жай менен тәмийинлеўдиң «онлайн-гезек» системасы – mu.maktab.uz ислеп шығылып, әмелиятқа енгизилген. 675 бала турақ жай менен тәмийинленген. Перзентликке алыў процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде «Қәўендерлик» электрон мәлимлеме системасы жаратылған. Шаңараққа тәрбияға алынған 141 майыплығы болған балалар медициналық тексериўден өткерилген ҳәм 118 и емлеў мәкемелерине жайластырылған.
Сенаторлар орынланған жумыслар менен бирге орынланыўы өз ўақтында тәмийинленбеген тапсырмаларға да итибар қаратты.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, район-қала ҳәкимликлериндеги Балаларды қорғаў мәселелери секратариатлары ҳәм коллегиялары еле толық жумыс басламағаны, олардың жумысын тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер тастыйықланбағаны сенаторлардың наразылығына себеп болды.
Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң өз ўақтында қабыл етилмегени орынлардағы реформалардың жеделлесиўине ҳәм нәтийжелилигине унамсыз тәсир көрсетеди.
Ҳәзирги ўақытта шаңарақлық балалар үйлерин шөлкемлестириў тилегинде болған ўатанласларымыздың саны күннен-күнге көбейип бармақта. Бирақ бул процесслерди тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер бүгинги күнниң талапларына жуўап бермейди. Министрлер Кабинетиниң 2007-жыл 31-июльдеги «Шаңарақлық балалар үйлери ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған Режени жаңалаў зәрүр.
Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилип, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған және майыплығы болған ул-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда парламент ҳәм ҳүкимет тығыз бирге ислесиўде жумыс алып барыўына келисип алынды.
Соң жалпы мәжилисте турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлигиниң көп квартиралы турақ жайларға хызмет көрсетилиўи ҳәм басқарыў компаниялары жумысының нәтийжелилиги бойынша алып барылып атырған жумыслар бойынша мәлимлемеси тыңланды.
«Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў ҳаққында»ғы Нызам, Президенттиң көп квартиралы турақ жайларды басқарыў системасын жетилистириў, басқарыў уйымларының финанслық турақлылығын тәмийинлеў, олардың улыўмалық мүлкин сақлаў, нәтийжели пайдаланыў, турақ жайларға тутас жер участкасын абаданластырыўды тәмийинлеўге қаратылған пәрман ҳәм қарарларының орынланыўы бойывнша министрлик тәрепинен турақлы жумыслар орынланған.
Тараўда нәтийжелиликти арттырыў мақсетинде кейинги бес жылда 1 Нызам, Президенттиң 1 Пәрманы ҳәм 2 қарары қабыл етилген болып, бул процессте министрлик белсене қатнасқан.
Тек ғана «Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў ҳаққында»ғы Нызам нормаларын әмелде қолланыў бойынша Ташкент қаласының Яккасарай районы және Жиззақ ҳәм Марғилан қалаларында көп квартиралы турақ жайларды басқарыў бойынша өткерилген ҳуқықый эксперимент тиккелей министрликтиң жуўапкершилиги тийкарында шөлкемлестирилген.
Нызамның 18 статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилген.
2021-жыл 1-сентябрь жағдайына республикамызда жәми 38 373 көп квартиралы турақ жай болып, соннан 25 985 и 4 185 турақ жай мүлк ийелери ширкети ҳәм 9 840 ы 290 басқарыў шөлкеми, 714 и мүлк ийелери, шөлкемлер (балансында болғаны ушын) қарамағында басқарылады.
1 834 көп квартиралы турақ жай басқарыўсыз болып, олардың айырымлары жаңадан қурылған көп квартиралы турақ жайлар болып есапланады.
Республикамыздағы жәми 4 185 ширкеттиң 1 351 и жақсы, 1 658 и орта ҳәм 1 176сы аўыр категориядағы ширкетлер қатарына киреди.
Көп қабатлы турақ жайларға хызмет көрсетиў бойынша айырым ширкетлер жумысының нәтийжесиз екенлиги, жуўапкерсизлик пенен ислеўи нәтийжесинде қарыздарлықтың жылдан-жылға артып баратырғанлығы, нызам ҳүжжетлеринде көрсетилген миннетлемелердиң орынланбай атырғанлығы сыяқлы жағдайлар анықланған.
Жиззақ, Марғилан қалалары ҳәм Ташкент қаласының Яккасарай районында нызамшылық талапларына қайшы түрде мәкан пуқаралар жыйынлары баслықларының буйрықлары менен ширкет басқарма баслықлары тайынлап келинген.
Сондай-ақ, ширкет басқарма баслығының тийисли қәнигелик сертификатына ийе болыўы керек екенлиги ҳаққындағы нызам талабы да орынланбаған.
Систамедағы машқалаларды сапластырыў мақсетинде «Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў ҳаққында»ғы Нызамға бола, ҳәзирги күнде республикамызда жәми 290 басқарыў компаниясы жумыс ислеп атырған болып, Юнусабад, Яккасарай районлары және Жиззақ ҳәм Марғилан қалаларында көп квартиралы турақ жайларды басқарыў бойынша ҳуқықый экспериментлер шөлкемлестирилген.
Атап айтқанда, Юнусабад районында тийкарынан 12 басқарыў компаниясы жумыс ислеп атырған болып, нызамшылыққа муўапық Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланған ашық таңлаўлар нәтийжесинде жеңиске ерисип, райондағы 1 030 көп қабатлы турақ жайға хызмет көрсетиўди баслаған.
Райондағы көп квартиралы басқарыў компанияларының хызмет көрсетиўи себепли авария жағдайлары 60 процентке, мүлк ийелериниң мүддети өткен мәжбүрий төлем бойынша қарыздарлығы 25 процентке қысқарған және 1,4 миллиард сумлық банк кредити қайтарылған.
Министрлик тәрепинен Нызам талапларына муўапық көп квартиралы турақ жайларға хызмет көрсетилиўи ҳәм басқарыў компанияларының нәтийжелилигин тәмийинлеўде биллинг системасын енгизиў бойынша Президенттиң 2021-жыл 19-июньдеги 5152-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда жумыс ислеп атырған «Бирден-бир есап-санақ орайы» МУКлар жумысын талап дәрежесинде жолға қойыў, көп квартиралы турақ жайларды сақлаўға байланыслы қәрежетлер бойынша есап-санақ жумысларын жүргизиўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў ушын турақ жай мүлк ийелери ширкетлеринде мәжбүрий төлемлер есап-санағын жүргизиў ҳәм мәлимлеме-мәсләҳәт алыў имканиятын беретуғын биллинг системасы – «Абат үй» электрон бағдарламасын әмелде нәтийжели қолланып барыў сыяқлы ўазыйпалар тийкарғы етип белгилеп алынатуғыны атап өтилди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлис Сенатының
Мәлимлеме хызмети