Усы жыл 11-октябрь күни Мойнақ районындағы Мәденият сарайында Өзбекстан Экологиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Нарзулла Обломурадовтың қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң депутатлары, партияның белсендилери, эколог илимпазлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўда талабанның исенимли ўәкили Лейла Сейтова Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырды.
Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Нарзулла Обломурадов шығып сөйлеп, соңғы жыллары Аралбойы халқының социаллық турмыс дәрежесин жақсылаў, инсан саламатлығын беккемлеў, экологиялық машқалаларды сапластырыў бойынша алып барылып атырған қайырқомлық илажларында Өзбекстан Экологиялық партиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, глобал климат өзгерислери, ҳаўа температурасының көтерилиўи, Арал теңизиниң қурыўы, шөллениў, унамсыз метереологиялық процесслердиң тәкирарланыўы, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланбаў, биологиялық көп түрлиликтиң қысқарыўы, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар генофондының жаманласыўы, көп муғдарда санаат ҳәм турмыслық шығындылардың топланыўы сыяқлы глобал ҳәм регионаллық машқалалардың пайда болыўына алып келди.
Усы машқалалар климат өзгериўи жүз берип атырған шараятларда айқын көзге тасланып, Өзбекстан ушын қоршаған орталықты қорғаў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў әҳмийетли ўазыйпа есапланады.
Елимизде жүзеге келген бундай машқалаларды сапластырыў ҳәм экономикалық өсимди тәмийинлеўде жәмийеттиң барлық күшлерин бирлестириўге бағдарланған мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў және оны әмелге асырыў талап етиледи. Бул әҳмийетли ўазыйпаны мәмлекетимиздиң сиясий майданына жаңа сиясий күш сыпатында кирип келген ҳәм биринши мәрте Президент сайлаўында өзиниң талабанын усынып атырған Өзбекстан Экологиялық партиясы орынлаў имканиятына ийе.
Атап айтқанда, Экологиялық партия Өзбекстанның «жасыл» экономикаға өтиў Стратегиясын, «2030-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының қоршаған орталықты қорғаў Концепциясын» ҳәм басқа да мәмлекетлик бағдарламаларды избе-излик пенен әмелиятқа енгизиўди қоллап-қуўатлайды. Усы мақсетлерде илимди жедел раўажландырыў, жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў, санаат, қурылыс, транспорт ҳәм басқа да тараўларда экологиялық модернизациялаўды әмелге асырыў, ең заманагөй экологиялық таза технологияларды енгизиў талап етиледи. Экологиялық партия «Жасыл реформа-абадан турмыс тийкары!»сүрени астында экологиялық турақлы раўажланыўға бағдарланған «жасыл» сиясатты турмысқа енгизиў идеясын усынады.
«Биз келешек ушын жуўапкермиз» сүрени астында сайлаўалды бағдарлармасының баслы мақсети-елимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғырас пайдаланыў, жасыл раўажланыў принциплерин экономиканың барлық тараўларына енгизиў арқалы халқымыз ҳәм келешек әўлад ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратып, абадан жәмийет қурыўдан ибарат болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Нарзулла Обломурадов қайта тиклениўши ҳәм алтернативалы энергияны раўажландырыў, экономиканың энергия нәтийжелилигин арттырыў, «Ана тәбиятты сақлаў-муқаддес миннетимиз!» сүрени астында қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы халыққа қолайлы турмыс шараятларын жаратыў, климат өзгериўине бейимлесиў, Арал машқалаларын сапластырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер менен бир қатарда олардың шешимине тоқтап өтти.
Ушырасыўда филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ш.Абдиназимов, Хожели районындағы 23-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры, партия ағзасы Клара Қазақбаева, Хожели районы Медицина бирлеспесиниң бас шыпакери Нурмухаммед Сапаев, Балалар ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң баслығы Шолпан Асанова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, талабанның сайлаўалды бағдарлармасында алға қойылған әҳмийетли мәселелер бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди ҳәм қоллап-қуўатлаўға шақырды.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Күнниң екинши ярымында Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Нарзулла Обломурадов Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты музейининиң филиалы Мойнақ Экология музейи, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайының «Тикөзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Аралдағы мениң бағым» жойбары менен танысты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери