Кекселерди ҳүрмет етиў, оларға итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў мақсетинде бир ҳәпте даўамында елимизде «Нураныйлар ҳәптелиги» өткерилди. Ҳәпте даўамында жасы үлкен инсанлардың жағдайынан хабар алынып, оларға айрықша итибар ҳәм ғамхорлық көрсетилди.
Ҳәптелик шеңберинде, Нөкис қаласындағы «Анасай» мәкан пуқаралар жыйыны тәрепинен, усы аймақта жасайтуғын 30ға шамалас мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйларының Мойнақ районына саяхаты шөлкемлестирилди. Олар соңғы жылларда Мойнақ районында әмелге асырылған үлкен жаңаланыў ҳәм өзгерислер менен танысты.
– Мойнақ районында бизлер Аралдың қурыған ултанындағы кемелерди ол жерге егилген сексеўиллерди көрдик. Зыярат орынларына барып, зыярат еттик. Бир кесе шай үстинде сәўбетлесиў өткердик,-дейди аймақ турғыны Елиўбай аға.
Бундай дәрежеде ҳүрмет көрсетип, жаңаланып атырған Мойнаққа саяхат шөлкемлестиргени ҳәм жанкүйерлик көрсеткени ушын пуқаралар жыйыны баслығы Тахир Мурзамуратовтан миннетдармыз.
Саяхат даўамында өткенлерди еслеп, жаңаланыўлар менен танысып кеўиллеримиз шад болды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги