Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардағы дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 7-октябрь күни Сырдәрья ўәлаятында болды.

Мәмлекетимизде полипропилен өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, тараўда локализациялаўды қоллап-қуўатлаў, ислеп шығарыўшылардың экспорт потенциалын арттырыўға қаратылған комплексли илажлар нәтийжесинде экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыўшы кәрханалар қатары кеңеймекте. «Сырдәрья мега люкс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети түриндеги қоспа кәрхана мине усылардан бири.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп усы кәрхананың жумысы менен танысты.

Өткен жылы бул жерде полипропиленнен үлкен сыйымлы қалталар ислеп шығарыў жолға қойылған еди. «Жумсақ контейнер» деп аталатуғын бул қалталар 500 килограммнан 5000 килограммға шекем жүк көтереди. Оларға өндирис, саўда, аўыл хожалығы, логистика сыяқлы көплеген тараўларда талап жоқары. «Сырдәрья мега люкс» жылына 132 миллион дана усындай өним таярлаў қуўатлылығына ийе.

Жети корпустан ибарат үлкен кәрхана избе-из раўажланып бармақта. Быйыл май айында еки қабатлы плёнка таярлаў жолға қойылды. Жақын айларда стреч плёнка ҳәм спанбонд технологиясы тийкарында тоқыма емес материал ислеп шығарыў басланады.

Ҳәзирги күнде кәрханада 2 мыңнан артық адам жумыс пенен тәмийинленген. Бул жойбарлар толық қуўатлылыққа  шыққаннан соң, жумыс орынлары 5 мыңға жетеди.

Бүгинги күнде Россия, Израил, Беларусь, Украина, Қазақстан сыяқлы 14 мәмлекетке экспорт жолға қойылған. Жаңа жойбарлар менен биргеликте экспорт көлеми 215 миллион долларға жетиўи мөлшерленген.

Президентке келешектеги жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Оған бола, келеси бес жылда полимер өнимлерин ислеп шығарыў бойынша технопарк шөлкемлестирип, улыўма баҳасы 350 миллион доллар болған сегиз жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.  Оның ушын 260 миллион доллар инвестиция тартылып, Германия, Италия, Австрия технологиясы орнатылады.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарлардың экономикалық нәтийжелилиги менен бирге социаллық тәрепине де айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Бул өнимлердиң шийки заты өзимизде, ана жеримизде. Оннан ақыллылық пенен пайдаланып, баҳа ҳәм сапаның тең салмақлылығы тәмийинленсе, өнимлеримиз бәсекиге шыдамлы болады. Тек ғана экономикалық емес, экономикалық-социаллық жойбарлар ислеў керек. Исбилермен де дәрамат тапсын, адамлар да,-деди Шавкат Мирзиёев.

Зәрүр қаржы қаратып, өндирис көлемин еки есеге арттырыў, келешекте жумысшылар ушын турақ жайлар қурыў бойынша көрсетпелер берилди.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Сырдәрья районы Шийрин мәҳәллесинде жасайтуғын Дониёр Йўлдошевтиң шаңарағында болып, шаңарақтың турмыс шараятлары менен танысты.

Бул үй елимиздеги абат ҳәўлилерден бири. 10 сотых қыйтақ жерде мийўели ҳәм саяманлы тереклер, овощлар егилген. 30 бас нәсилли түйетаўық бағылып, бир жылда 25 миллион сумға шекемги қосымша дәрамат алынбақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул ҳәрекетлерди мақуллап, мине, усындай абат шаңарақлар көбейиўи керек екенлигин атап өтти.

– Аймақларда жүриў, ҳәр күнги ҳәрекетлеримнен мақсет-адамларды разы етиў, халықтың жан басына дәраматын көбейтиў. Бурын шетке шийки зат сататуғын едик. Ҳәзир ҳәммесин мәмлекетимизде қайта ислеп, таяр өним шығарып атырмыз. Кәрханалар ашылып атыр, жасларымыз, ҳаял-қызларымыз жумыслы болып атыр. Бундайлардың көбейиўи, оның ушын раўажланыў мәҳәлледе болыўы керек. Мәҳәлле жақсы болса, мәмлекет күшли болады. Жасларды билимли, ақыллы етип тәрбияласақ, өзиниң жолын, жумысын табады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Елимизге тынышлық, абаданлық тилеп, пәтия етилди.

Шавкат Мирзиёев Сырдәрья районында ўәлаят сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Гүлистан қаласының Янги ҳаёт мәҳәллесинде болды.

Бул жерде 2019-2020-жыллары 14 көп қабатлы турақ жай қурылған. Ҳәзирги күнде және 9 қабатлы 7 турақ жайдың қурылысы басланған. Олардағы 504 квартирадан  100 и кем тәмийинленген шаңарақларға жеңиллетилген түрде бериледи. Жаслар мийнет гүзары, стадион, балалар майданшалары қурылады.

Президентимиз жаңа кварталда хызметлерди көбейтиў, исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестирип, бул жерде жасаўшыларды жумыс пенен тәмийинлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Кәмбағаллықты қысқартыўдың ең тийкарғы факторлары баспана ҳәм жумыс орны,-деди Шавкат Мирзиёев. – Бул мақсетлер ушын үлкен имканиятлар берилип атыр. Быйылдан баслап ипотека кредити бойынша қаржы ресурсларынан жетиспеўшиликлер ҳәм шеклеўлер болмайды, деп жәриялағанбыз. Соннан пайдаланып, исбилерменлердиң қатнасыўында көп турақ жайлар қурыў мүмкин.

Бул жерде мәҳәлле нураныйлары менен қызғын пикирлесиў болды.

– Бир ўақытлары Сырдәрья ўәлаяты тек ғана аўыл хожалығына қәнигелескен еди. Кейинги жыллары заманагөй санаат кирип келип атыр. Мине, усындай турақ жайлар қурылып атыр. Не ушын? Адамларда сатып алыў қәбилети бар. Енди бул жумысларды тоқтатпаўымыз керек. Себеби жасларымыз жетисип киятыр, халқымыздың талабы өсип баратыр. Мәмлекетимиз усыған ылайықлы шараят жаратыўы керек,-деди Президент.

Нураныйлар ўәлаятта жүз берип атырған өзгерислер, жаслар тәрбиясы ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Президент Шавкат Мирзиёев Гүлистан қаласында қурылып атырған Исбилерменлер ҳәм өнерментлер орайын барып көрди.

Бул жерде исбилерменликке қызыққан инсанларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берип, бизнесин баслаўына жәрдемлесиў, жасларға өнер үйретиў жолға қойылады, өнимлердиң көргизбелери өткериледи.

Орай «Дослық» каналының бойында жайласқаны оған және де шырай берген. Аймақ абаданластырылып, гөззал парк шөлкемлестирилген. Саяманлы тереклер егилген. Пиядалар ҳәм велосипед жоллары, фонтанлар қурылған. Отырғышлардың қасына китап текшелери де қойылған.

Улыўма айтқанда, бул жер тек ғана бизнес емес, ал мәденият, туризм мәканына да айланады.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен сөйлести.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Сырдәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Абдулазиз МУСАЕВ,
Шуҳрат СУЯРОВ,
ӨзАның хабаршылары