Мәмлекетимизде әҳмийетли сиясий ўақыя – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына 17 күн қалды. Болажақ сайлаўдың ҳәр тәреплеме пуқта таярлық тийкарында өткерилиўинде жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе.

Өткерилетуғын ҳәр бир илаж, онда қатнасыўшылардың қәўипсизлиги, имаратлардың таярланыўы, өрт қәўипсизлигине әмел етилиўи, тәртип-қағыйда тийкарында жумыс алып барылыўы гөзленген нәтийжеге ерисиўде  әҳмийетли орын тутады.

Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилисинде тап усы мәселе күн тәртибинен орын алды.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўде жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары ҳаққындағы қарар менен жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге жуўапкер хызметкерлердиң сайлаў дәўириндеги ўазыйпалары менен миннетлери белгиленбекте.

Оған бола Өзбекстан Президенти сайлаўын өткериўде жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия тәрепинен әмелге асырылады.

– Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге жуўапкер хызметкер өз жумысын сайлаў комиссиялары менен биргеликте шөлкемлестиреди, сайлаў бюллетеньлери алынған күннен баслап бюллетеньлер ҳәм басқа да ҳүжжетлер сақланатуғын имараттың қорғалыўы, сондай-ақ, округлик ҳәм участкалық сайлаў  комиссиялары ағзаларының бақлаўы астында сайлаў нәтийжелерине байланыслы ҳүжжетлерди тасыўда қәўипсизликти тәмийинлейди. Соның менен бирге, сайлаўшылардың жасырын даўыс бериў ҳуқықы, өз қәлеўин билдириў  теңлиги менен еркинлигин, сондай-ақ, сайлаў  процесине қатнасыўшылардың нызамлы мәплери, ҳуқықлары менен еркинликлерин бузбаған ҳалда жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў илажларын көреди, – деди МСК ағзасы Баҳодир Юнусов.

Атап өтилиўинше, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге жуўапкер хызметкерге сайлаўшылар, бақлаўшылар ҳәм сайлаў процесиниң басқа да қатнасыўшыларына тәсир  өткериў, сайлаўшы бюллетенине өз белгисин қойып атырған ўақытта жасырын даўыс бериў кабинасында ямаса ханасында болыў, қандай да бир жәрдем көрсетиў, сайлаў комиссиясының жумысына, соның ишинде, оның мәжилислеринде таяр болыўға, сайлаў қутыларын мөрлеўге, оларды ашыўға, даўысларды санап шығыўға араласыў қадаған етиледи.

Комиссия ағзалары Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Оған бола, Бельгия, БАӘ, Уллы Британия, Германия, Франция, Ҳиндстан, Чехия, Россия, Тәжикстан, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлерден улыўма  156 халықаралық бақлаўшы дизимнен өткерилди. Усы күнге шекем аккредитациядан өткерилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшылардың улыўма саны  380 ди қурамақта.

Соның менен бирге, мәжилисте және 23 жергиликли ҒХҚ ўәкили аккредитациядан өткерилди. Енди аккредитациядан өткерилген жергиликли ҒХҚ ўәкиллери улыўма 1357, сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери болса  146 ни қурамақта.

Мәжилисте 4-Жиззақ, 6-Наманган, 13-Қашқадәрья ҳәм 14-Ташкент қалалық округлери сайлаў комиссиясы баслықларының сайлаўға таярлық көриў бойынша есабатлары тыңланды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы