Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов, басшылығындағы делегация 7-октябрь күни Аўғанстан ўақытша ҳүкимет басшысының сиясий мәселелер бойынша орынбасары Мулла Абдул Кабир басшылығындағы Аўғанстан басшылығының ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерди.

Ушырасыўда Аўғанстан Бас министриниң экономикалық мәселелер бойынша орынбасары А.Ҳанафий, транспорт ҳәм пуқаралық авиация, улыўма жумыслар, энергетика ҳәм суў ресурслары министрлери де қатнасты.

Сыртқы ислер минитсриниң ўазыйпасын атқарыўшы Мавлавий Амирхон Муттаки менен айрықша сөйлесиўлер алып барылды.

Тәреплер мәмлекеттеги жағдай, Аўғанстан халқына гуманитарлық ҳәм басқа түрдеги жәрдем көрсетиў бойынша ҳәрекетлер, сондай-ақ, мәмлекетте энергетика ҳәм транспорт тараўларында ири инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў мәселелерин додалады.

Аўғанстанның ўақытша ҳүкиметиниң ағзалары Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа аўған халқының арзыў-нийетлерине қаратып атырған үлкен итибары, азық-аўқат кризисиниң алдын алыўда көрсетип атырған жәрдеми ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Аўғанстан тәрепи Өзбекстан Президентиниң Аўғанстанның жаңа ҳәкимияты менен конструктивлик ҳәм өз-ара мақул қарым-қатнасық орнатыўға қаратылған сиясатын, сондай-ақ, халықаралық жәмийетшиликке Аўғанстанның сырт елдеги музлатылған активлерине қойылған шеклеўди алып таслаў пикирин жоқары баҳалады.

Аўғанстан делегациясының ағзалары Өзбекстан ҳүкиметине «Мозори-Шариф» халықаралық аэропортының жумысын тиклеў, Өзбекстан-Аўғанстан шегарасының  үзликсиз ислеўи, ол арқалы мәмлекетке турақлы түрде азық-аўқат ҳәм басқа түрдеги бирлемши товарлар жеткерип бериўдеги көрсетилип атырған  жәрдем ушын  терең миннетдаршылық  билдирди.

Тәреплер жақын арада Термиз қаласында саўда-экономикалық мәселелерин, соның ишинде, «Сурхон-Пули-Хумри» электр узатыў тармақлары ҳәм «Мозори-Шариф – Қабул – Пешавар» жөнелиси бойлап темир жол  қурыў жойбарларын әмелге асырыў мәселелерин додалаў ушын биргеликтеги сөйлесиўлер өткериў ҳаққында келисип алды.

Аўғанстан тәрепи бул жойбарларды әмелге асырыўға тартылған өзбекстанлы қәнигелердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўге таяр екенлигин мәлим етти.

Дос Өзбекстан қәўипсизлигине Аўғанстан аймағынан ҳеш қандай қарама-қарсылық болмайтуғыны рәсмий Қабул тәрепинен исенимли түрде билдирилди.

 

Өзбекстан Республикасы

Сыртқы ислер министрлигиниң

Баспасөз хызмети.

ӨзА