Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-октябрь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Россия жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм үлкен табыслар, дос Россия халқына болса тынышлық-парахатшылық ҳәм турақлы раўажланыў тиледи.

Президент Владимир Путинниң заманагөй Россияны қурыўдағы тарийхый роли ҳәм Өзбекстан және Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге қосып атырған жеке үлеси атап өтилди.

Мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Бирге ислесиў барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм санаат кооперациясының көлеми барған сайын артып бармақта, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Россияның жетекши кәрхана ҳәм банклери арасында жаңа жойбарлар әмелге асырылмақта. «Спутник V» вакцинасын биргеликте ислеп шығарыў жолға қойылды.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўлар даўам етпекте: қайта тикленген Ташкент кинофестивалы шеңберинде өткен ҳәптеде Россия кино күнлери табыслы өткерилди.

Буннан тысқары, жақында пайтахтымызда Россияда билим алыўға бағышланған көргизбе шөлкемлестирилди.

Президентлер болажақ көп тәреплеме илажлар режесин көрип шықты.

Халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдайдың раўажланыўы көзқарасынан пикир алысылды.

Мәмлекетлеримиз жетекшилериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай жыллы, қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА