Исбилерменлер ҳәрекетиӨзбекстан Либералдемократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев сайлаўшылар менен ушырасыў ушын 7-октябрь күни Сырдәрья ўәлаятына келди.

Сырдәрья районындағы «Сирдарё мега люкс» жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги кәрханада талабанның ўәлаят сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтпекте.

Ушырасыўды талабанның Сырдәрья ўәлаяты бойынша исенимли ўәкили Покиза Аҳмеджонова ашты.

Усы жылы 24-октябрьде болып өтетуғын әҳмийетли жәмийетлик-сиясий илаж – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына ўәлаятта пуқта таярлық көрилип атырғаны атап өтилди.

Исенимли ўәкил соңғы жылларда Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетимиз, соның ишинде, Сырдәрья ўәлаятында әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслары, ири социаллық-экономикалық жойбарлар, олардың адамлар турмысының абаданлығын жақсылаўдағы әҳмийетине тоқтап өтти. Әсиресе, санаат бағдарында онлаған ири кәрханалар пайдаланыўға тапсырылғаны, мыңлаған жумыс орынларының жаратылғанын айрықша атап өтти. Буннан кейин сөз Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёевқа берилди.

Ҳәзирги ўақытта Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаўалды бағдарламасы бойынша баянат жасамақта.

 

ӨзА