Шоманай районындағы Жумабай жыраў Базаров атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Ең китапқумар мектеп» таңлаўы шөлкемлестириўшилери менен ашық сәўбетлесиў шөлкемлестирилди.

Ашық сәўбетлесиўде Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, «Алтын қәлем» миллий сыйлығы, «Дўстлик», «Меҳнат шуҳрати» ордени ийеси Зульфия Муминова, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы, «Алтын қәлем» миллий сыйлығының ийеси Шухратжон Охунжонов, «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Ақылбек Пиязовлар қатнасты.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер, «Ең китапқумар мектеп» таңлаўына старт берилгенлиги, китаптың қүдиретли күши ҳаққында сөз етти.

«Ниҳол» сыйлығының лауреаты Ақылбек Пиязов, өзиниң репертуарларынан жанлы ҳаўазда атқарып, ушырасыў қатнасыўшыларына кеўилли кейпият бағышлады.

Ушырасыўда муғаллимлер ҳәм оқыўшылар «Ең китапқумар мектеп» таңлаўында белсене қатнасатуғынлығын мәлим етип, өз пикир-усынысларын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги