Усы жыл 5-октябрь күни Жаслар орайында «Китапқумар мектеп» жойбарының үшинши басқышын өткериўге байланыслы мәжилис болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығының орынбасары М.Жуманов, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр З.Муминова, жойбардың шөлкемлестириўшиси Ш.Ахунджанов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары М.Рахматуллаев, Халық билимлендириў министри Р.Реймов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында жасларымыздың руўхый дүньясын байытыў, оларды китап оқыўға қызықтырыў, руўхый-ағартыўшылық, көркем-эстетикалық талапларға жуўап беретуғын китапларды басып шығарыў ҳәм оларды орынларға жеткерип бериў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, елимиз басшысы тәрепинен алға қойылған бес басламаның төртиншиси-жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша китап байрамлары, таңлаўлар ҳәм басқа да илажлар турақлы түрде өткерилип келинбекте.
Өткен жылы Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў, Ишки ислер минитрликлери, «Китап орайы»-«Китап дүньясы» тармақлық саўда орайлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Китапқумар мектеп» жойбарының республикамызда өткерилген илажларында 721 улыўма билим бериў мектеби, 350 мыңнан зыят мектеп оқыўшы жаслары ҳәм олардың ата-аналары қатнасты. Жойбардың шөлкемлестириўшилери ең шетки аўылларға шекем барып, қарақалпақ ҳәм өзбек тиллериндеги 1500 атамадағы 200 мыңнан зыят балалар әдебияты, көркем шығармаларды оқыўшыларға жеткерип берди.
«Китапқумар мектеп» жойбарында Шоманай районы Халық билимлендириў бөлими-«Китапқумар район» номинациясында жеңимпаз болып, «Нексия-3» автомашинасы, Төрткүл районындағы 68-санлы, Нөкис қаласындағы 37-санлы улыўма билим бериў мектеплери «Китапқумар мектеп» номинациясының жеңимпазы болып, ҳәр бири «Спарк» автомашинасы менен сыйлықланған еди. Жойбардың быйылғы үшинши басқышы жеңимпазларына 5 жеңил автомашина бериледи. Буннан тысқары, «Китапқумар оқыўшы», «Китапқумар мектептиң директоры», «ҒХҚ белсенди хызметкери» ҳәм басқа да номинациялар бойынша жеңимпазлар баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.
-Өткен жылғы таңлаўда Халық билимлендириў бөлимлери менен улыўма билим бериў мектеплери автомашина менен сыйлықланған болса, быйылғы жылы китапқумар шаңарақлар менен пуқаралар жыйынлары да усы сыйлыққа даўагер болады,-дейди жойбар шөлкемлестириўшиси Шуҳратжан Ахунджанов.-Бул жойбар қатнасыўшылары шеңбериниң жылдан-жылға көбейип атырғанлығынан дәрек береди.
Илажда «Китапқумар мектеп» жойбарының үшинши басқышын өткериўге байланыслы пикир-усыныслар билдирилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери