Инсан өмири қанша жасағаны менен емес, ал, әтирапындағыларға қандай жақсылық ислеп, туўылып өскен ана топырағының, әзиз Ўатынының гүллеп-раўажланыўына қандай үлес қосқаны менен баҳаланады. Соның ушын да бундай пидайылардың хызмети халқымыздың ҳәмийше ядында болады. Олардың өмири ҳәм мийнет жолы жасларға үлги болып табылады.

Елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен суд тараўында узақ жыл жемисли мийнет еткен бир топар нуранийлар Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси тәрепинен «Суд фахрийси» естелик белгиси менен сыйлықланды. Олардың арасында қарақалпақстанлы нуранийлардың бар екенлиги бизди мақтанышқа бөлейди.

Солардың бири 1932-жылы туўылған Әлимбет Қайыпназаров дерлик 29 жыл пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў, әдилликти тәмийинлеў жолында жемисли мийнет етти. Бул жолда бар билим және тәжирийбесин суд-ҳуқық тараўын жетилистириў, жас қәнигелерди таярлаў исине бағышлады.

Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы Г.Базарбаева устаздың шәкиртлери менен биргеликте шаңарағында болды. Оған «Суд фахрийси» естелик белгисин салтанатлы жағдайда тапсырды. Кексе әўлад ўәкиллерине бундай итибары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирип, оларға көрсетилип атырған ғамқорлығынан алғыслары шексиз екенлигин атап өтти.

Жыллар өтеди, әўладлар келеди. Берунийли Мурат Тәжибаев та саналы өмириниң шерек әсирин усы тараўға бағышлады. Түрли жылларда Шоманай ҳәм Беруний районлары судларының баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти. Бүгинги күни ҳүрметли дем алыста.

Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы оның да шаңарағында болып, «Суд фахрийси» естелик белгисин салтанатлы жағдайда тапсырды.

-Ҳадаллықты өзине жолдас, әдилликти ҳүждан деп қабыл еткен Мурат ағаны кәсиплеслери ҳәм шәкиртлери ҳәмийше ҳүрмет етеди,-дейди өмирлик жолдасы Клара Тәжибаева.-Биргеликте 8 ул-қызды тәрбиялап, камалға келтирдик.

Негизинде тараў пидайыларының бәршеси усындай ҳүрмет-иззетке ийе.

 

Гүлайым ҒАНИЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги