Бажыхана уйымлары тәрепинен мәдений мийрасларды сақлап қалыў, олардың мәмлекетимиздиң аймағынан нызамсыз алып шығып кетилиўиниң алдын алыў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы пуқара Н.И. басқарыўында қоңсылас мәмлекетке шығып баратырған «FORD TRANZIT» маркалы жүк автомашинасы бажыхана тексериўинен өткерилгенде ҳеш қандай ҳүжжетлери болмаған 3 дана еки тәрепке ашылатуғын, ойып нағыслар түсирилген гүжим терегинен исленген ески ағаш есиклердиң бар екенлиги анықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас басқармасы тәрепинен усынылған экспертиза шешимине бола, гүлли ойып салынған нағыслы қол өнериниң жемиси есапланған бул есиклер Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларының усталары тәрепинен «убайдий» усылында XIX әсирде исленген болып, оларды республикамыздың аймағынан алып шығып кетиў қадаған етиледи.

Мәдений байлықлардың мәмлекетимиздиң шегаралары арқалы алып өтилиўи Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1999-жыл 23-марттағы «Өзбекстан Республикасында мәдений байлықлардың алып шығылыўы ҳәм алып кирилиўи мәселелерин тәртипке салыў ҳаққында»ғы қарарына муўапық әмелге асырылады. Усы қарарға муўапық, мәдений байлықларға тийисли затлар категориясына этнографикалық объектлер: ойып салынған  нағыслар, эстамплар, әмелий-декоративлик өнер шығармалары (шийше, ылай, ағаш,металл, сүйек, таўар ҳәм басқа материаллардан исленген буйымлар) да кириўи белгиленген болып, бул сыяқлы мәдений мийрасларды ўәкилликли уйымлар тәрепинен усынылған арнаўлы рухсатнамаларсыз мәмлекетимиздиң аймағынан алып шығып кетиў қадаған етиледи.

Ҳәзир бул мәдений мийрас Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейине тапсырылған болып, анықланған ҳуқықбузарлық жағдайы бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

  Қарақалпақстан хабар агентлиги