Усы жыл 25 ҳәм 30-сентябрь күнлери аралығында баскетбол бойынша ерлер арасында Бухара ўәлаятында болып өткен Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлик кубоги жарысында Нөкис қаласының «Арал» командасы екинши орынды ийелеп қайтты.
Командамыз өз топарында майдан ийелери Бухара ўәлаяты, Ташкент қаласы, Наўайы ўәлаятының «Согдиана» денетәрбия ҳәм спорт клубы менен менен бир топарда қатнасып, екинши орынды ийеледи. Ярым финальда Бухара ўәлаяты командасы үстинен жеңиске еристи. Финальда Ташкент қаласының командасынан жеңилиске ушырап, екинши орынды ийеледи.
Тийкарынан Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының студентлеринен ибарат команда жарыс даўамында жақсы ойын көрсетти. Атап айтқанда бас тренер Тимур Мәмбетжумаевтың басшылығында ойыншылар Абужан Төлегенов, Хамид Мырзабаев, Айдос Қыдырниязов, Мухаммед Убайдуллаев, Омари Шарашенидзе, Алланазар Жуманиязов, Нурсултан Жумашев, Аллаяр Ешимбетов, Умид Бабажанов, Нурсултан Бекмуратов, республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң ойыншы тренери Виктор Гусев жеңиске мүнәсип үлеслерин қосты.
Команданың жарысқа қатнасып қайтыўына Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының басшылары жақыннан жәрдем берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги