Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталына айдаўшылық гүўалығына байланыслы қарар жойбары жайластырылды. Жойбар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң басламасы менен ислеп шығылған.
Министрлер Кабинетиниң усы қарар жойбарында айдаўшылық гүўалықларын тазасына алмастырыў мүддетин классификацияластырылған тәризде созыў нәзерде тутылған.
Әмелдеги тәртипке бола, ески айдаўшылық гүўалығын тазасына алмастырыў мүддети 2021-жылдың 31-декабри деп белгиленген.
2022-жыл 1-январьдан баслап, ески үлгидеги айдаўшылық гүўалықлары ҳақыйқый емес деп есапланады.
Усыныс етилип атырған қарар жойбарында айдаўшылық гүўалығын алмастырыў мүддетин бир жылға созыў нәзерде тутылмақта.
Мафтуна КАРИМОВА, ӨзА