Юридикалық клиника

Жуўап: Жоқ, мүмкин емес.

Балалардың мәжбүрий орта билимлендириў, орта арнаўлы, кәсип-өнер билим алыўына ата-аналар ямаса олардың орнын басатуғын шахслар тәрепинен тосқынлық етиўи мүмкин емес. Бундай ҳәрекетлер базалық есаплаў муғдарының он есесинен он бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Егер усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик илажы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайтадан жүз берген болса, базалық есаплаў муғдарының он бес есесинен жигирма бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға ямаса он бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.

Демек, мектепке барыў жасына жеткен балалардың ата-аналары ямаса олардың орнын басыўшы шахслар балалардың мәжбүрий улыўма орта билим алыўын тәмийинлеўи керек.

Тийкар: Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкерлик ҳаққындағы кодексиниң 47-статьясы үшинши ҳәм төртинши бөлими

(Бул материал ТМЮУдиң «Юридикалық клиника»сы студентлери тәрепинен оқытыўшылардың қадағалаўы астында таярланды).

 

Гулноза Бобоева, ӨзА