Республикалық арнаўлы комиссияның гезектеги мәжилисинде мәмлекетимизде карантин талапларын қысқартыў арқалы халыққа мәдений ҳәм руўхый дем алыў ҳәм дем алыс күнлерин мазмунлы өткериў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселеси ҳәр тәреплеме додаланды.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Баспасөз хызметиниң хабарына бола, тийисли жуўапкер шөлкемлердиң усынысларын есапқа алған ҳалда, той ҳәм шаңарақлық мәресимлерди өткериў бойынша бурын белгиленген шеклеўлер жумсартылып, усы жылдың 20-сентябринен тойханаларда шаңарақлық салтанат, той, мереке ҳәм мәресимлерди өткериў 100 адамнан көп болмаған ҳәм санитариялық ҳәм гигиеналық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда өткерилиўине рухсат берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги