Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде соңғы жылларда әййемги көркем өнер түри саналған бақсышылықты раўажландырыў, оның халық мәдениятын жетилистириўдеги әҳмийетин көрсетиў, бақсышылық мектебин жаратыў арқалы усы көркем өнер түрине қызығыўшы талантлы жасларды тәрбиялаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Буны 2019-жылы Сурхандәрья ўәлаятында болып өткен «I Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы», елимизде «Алпамыс» дәстанының мың жыллығының кең түрде белгиленгенлиги, Термиз қаласында усы бийбаҳа миллий қәдириятымызға, Самарқанд қаласында атақлы бақсылардың ҳүрметине естелик комплекслериниң қурылғанлығы, сондай-ақ, мәмлекетимизде «Өзбекстан Республикасы халық бақсысы» ҳүрметли атағының енгизилгенлиги мысалында көриўимизге болады.
Сондай-ақ, бүгинги күнде Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институтында «Дәстан атқарыўшылығы» кафедрасы, Термиз қаласында бақсышылық мектеби, Нөкис қаласында опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде фольклор класслары жумыс ислемекте. Елимизде көп томлық «Қарақалпақ фольклоры» топламлары баспадан шығарылды. 100 томлық «Өзбек халық дөретиўшилиги естеликлери» комплекси баспадан шығарылмақта. Бақсы ҳәм жыраўлар тәрепинен атқарылған дөретпелерди жазып алыў, оларды илимий жақтан үйрениў жумыслары турақлы түрде даўам етпекте.
Булардың барлығы елимизде миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, жас әўладты миллий қәдириятларымызға муҳаббат руўхында тәрбиялаў, адамгершилик пазыйлетлерине, ўатанын сүйиўши, әдалатлы, мәрт болыўға тәрбиялаў, қәдириятларымыздың әҳмийетин түсиндириўде үлкен хызмет атқармақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 10-апрельдеги «II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына таярлық көриў ҳәм бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Нөкис қаласында усы жыл 17-20-сентябрь күнлери «II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы» үлкен көтериңкилик ҳәм шөлкемлескенлик пенен өткерилди.
Фестиваль шеңберинде бир қатар мәдений-ағартыўшылық илажлары өткерилди.
Фестиваль шеңберинде сейиллер, мәмлекетимиздиң дүньяға белгили инсанларының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында заманагөй усылларда сахналастырылған бағдарламалар көрсетилип, бақсышылық көркем өнери тарийхына байланыслы өзбек, рус, парсы, араб, инглис тиллеринде баспадан шығарылған илимий шығармалар менен илимий-ағартыўшылық әдебиятлардың көргизбелери шөлкемлестирилди.
Фестиваль шеңберинде «Арал балықларынан 99 түрли тағам» халықаралық гарстрономиялық илажы өткерилип, республикамыздың қала ҳәм районларынан балық тағамлары бойынша қәнигелер, аспазлар қатнасып, балық өнимлеринен ҳәр қыйлы тағамлар таярлап, өз-ара беллести.
Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи әтирапындағы майданларда ўәлаятлардан келген илаж қатнасыўшыларының өзлерине ажыратылған майданда жергиликли аймаққа тән үрп-әдет, дәстүрлерин жәмлеген көргизбелер, халық сейиллери шөлкемлестирилди. Олар тәрепинен халыққа сахналастырылған концерт бағдарламалары қойып берилип, сейилге шыққан халық кеўилли дем алды.
Фестивальдың ең жетискенликлериниң бири, усы фестиваль шеңберинде «Бақсышылық көркем өнериниң дүнья мәденияты цивилизациясында тутқан орны» атамасында II Халықаралық илимий-әмелий конференцияның шөлкемлестирилгени болды. Конференцияда Россия, Түркия, Әзербайжан, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлердиң илимий-изертлеў орайларынан келген атақлы фольклоршы илимпазлар бақсышылық көркем өнери тарийхы ҳәм дүнья мәдениятының раўажланыўында тутқан орны ҳаққындағы баянатлары менен қатнасты.
II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы тек көркем өнер түри емес, ал илимий изертлеўлерге зәрүрлиги бар, Орайлық Азия мәденияты цивилизациясында үлкен әҳмийетке ийе көркем өнер бағдары екенлигин көрсетти.
Конференцияда бақсышылық көркем өнериниң келешегине байланыслы әҳмийетли резолюция қабыл етилди.
II «Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы» шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, композитор, театрдың бас дирижёры Қурбанбай Заретдиновтың «Халық ушын» операсы, атақлы жазыўшы Ш.Айтматовтың «Жамила» шығармасы тийкарында таярланған спектакл (сахналастырыўшы режиссиёр М.Үсенов) ҳәм театрдың симфониялық оркестриниң атқарыўында фестиваль қатнасыўшылары ушын концерт, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында болса «Ромео ҳәм Джульетта» спектакли қойып берилип, қатнасыўшылардың мәдений дем алыўы, қарақалпақ театрларының жетискенликлери менен танысыў имканияты жаратылды.
Сондай-ақ, илаж қатнасыўшыларының Мойнақ районына бир күнлик саяхаты шөлкемлестирилди. Олар соңғы жылларда Президентимиздиң басшылығында Мойнақта әмелге асырылған үлкен жаңаланыўлар менен өзгерислердиң гүўасы болды.
Нөкис қаласындағы Ашық театрда II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалының жуўмақланыўына бағышланған гала концерт ҳәм таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Салтанатлы мәресимде Өзбекстан Республикасы Мәденият министри Озодбек Назарбеков, халықаралық таңлаўдың төрешилер қурамының баслығы, IOV Халықаралық фольклор шөлкеминиң Азия регионы бойынша директоры, доктор Мун Хюнг Суклар шығып сөйлеп, бул фестиваль дүнья халықларының бақсышылық көркем өнери, мәденияты, үрп-әдет дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, үгит-нәсиятлаў, тили, дини, миллетине қарамастан барлық халықларды көркем өнер арқалы жақынластырыў ҳәм олардың арасында дослық қатнасықларын беккемлеўге хызмет еткенин атап өтти.
Фестиваль ЮНЕСКО, АЙСЕСКО сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлердиң қәўендерлигинде өткерилип киятырған ири халықаралық фестивальлардың бирине айланды.
Онда 60 тан аслам мәмлекет, көплеген абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасқаны да соннан дәрек береди.
Нөкис қаласында өткерилген II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына 22 мәмлекеттен 100 ден аслам бақсы, ақын ҳәм жыраўлар, көркем өнер жәмәәтлери, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң барлық аймағынан келген атқарыўшылар өз өнерлерин көрсетип, кеўиллерге заўық бағышлады.
Таңлаў жуўмағына бола, II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалының бас сыйлығы – Гран-при Жәнибек Пиязовқа (Өзбекстан) берилди.
1-орынды Юлиана Кривошапкина (Россия, Якутия), Феруз Норматов (Өзбекстан)лар ийеледи.
2-орынға Эльмира Жаңаберген (Қазақстан), Мубариз Алиев (Әзербайжан), Алексей Ховаляг (Россия, Тува), Гүлбәҳәр Ақымбетова (Өзбекстан) сыяқлы атқарыўшылар мүнәсип деп табылды.
3-орын Самад Кочобаев (Қырғызстан), «Каукасус» топары (Грузия), Хоссейин Гейлан (Иран), Бахшиқул Тоғаев (Өзбекстан)ларға несип етти.
Фестивальдың бас сыйлығын (Гран-при) алған Жәнибек Пиязовқа 7000 АҚШ доллары, 1-орынды ийелегенлерге 5000 АҚШ доллары, 2—орынды ийелегенлерге 1750 АҚШ доллары, 3-орынды ийелегенлерге 1250 АҚШ доллары муғдарындағы ақшалай сыйлықлар ҳәм арнаўлы диплом, естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.
Сондай-ақ, бир қатар номинациялар ҳәм бағдарлар бойынша да жеңимпазлар сыйлықланды.
Македониялы Тимко Чичаковски «Фестивальда миллий көркем өнерди үгит нәсиятлағаны ушын», сербиялы Дражик Бугарин «Бақсышылық көркем өнери фестивалының жасы үлкен қатнасыўшысы», ҳиндстанлы Нусрат Ансарий «Халықлардың әййемги мийрасын үгит-нәсиятлаўшысы», түркиялы Толғахан Тикташ «Ата-бабалардың умытылып атырған үрп-әдетлерин жырлағаны ушын», Өзбекстаннан Талғат Уринбеков «Бақсышылық көркем өнери арқалы дослық қатнасықларын жырлағаны ушын», Тәжикстаннан Мукимжон Камолов «Төреши ағзаларының исенимин алған қатнасыўшы», Өзбекстаннан Қаҳҳор Рахимов «Үрп-әдетлерге садық бақсы», Мадагаскардан Келема «Тамашагөйлер итибарына ерискен ең жақсы қатнасыўшы», Өзбекстаннан Равшан Маматмуратов «Қәдириятлар даўамшысы», Баҳром Рахимов «Бақсышылық көркем өнери пидайысы», «Өзбекстан-24» телеканалының редакторлары Карина Низамудинова, Зебо Тўхтаева, операторлары Аҳмад Байзуллаев, Аббос Абдусатторовлар «Бақсышылық көркем өнери фестивалының ең жақсы үгит-нәсиятлаўшысы» номинациялары бойынша жеңимпаз болды.
Номинация жеңимпазларына ақшалай сыйлық, арнаўлы диплом ҳәм саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери