Быйылғы оқыў жылында студентликке усыныс етилмеген, бирақ еселенген төлемли контракт («супер контракт») тийкарында оқыў нийетин билдирген абитуриентлер ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде онлайн тәризде арза жибериў және төлемли шәртнамаларды онлайн алыў имканиятын беретуғын https://t-kontrakt.edu.uz мәлимлеме системасы иске түсирилди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Бул система:

– артықша әўерегершилик ҳәм немқурайдылықтың алдын алыў;

– процесслердиң ашық-айдынлығы ҳәм әдиллигин тәмийинлеў;

– электрон арзаларды автоматластырылған түрде қәлиплестириў;

– төлемли шәртнамаларды автоматластырылған түрде рәсмийлестириў имканиятын береди.

Енди абитуриентлер жоқары оқыў орынларына әўере болып барып жүриўи шәрт емес. Система жәрдеминде олардың мағлыўматлары ҳәм топлаған балы Мәмлекетлик тест орайының базасынан тиккелей алынып, электрон көринистеги арза тийкарында электрон төлемли шәртнама автоматластырылған түрде рәсмийлестириледи.

Еслетип өтемиз, усы жылдың 1-октябрь сәнеси жоқары оқыў орынларына «супер контракт» бойынша арзаларды қабыл етиўдиң ең соңғы күни етип белгиленген.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.