Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары менен еркинликлерин жүзеге шығарыў, социаллық қорғаўды күшейтиў, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин және де жетилистириў, сондай-ақ, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша кең жәмийетшилик пенен өткерилген додалаў нәтийжелериниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- 2021-жыл 15-августтан баслап жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды турақ жай менен тәмийинлеўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:
өзлерине бириктирилген турақ жайға ийе болмаған ҳәм турақ жайға мүтәжлер қатарында есапта турған жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларға олар 18 жасқа толған жылы көп квартиралы турақ жайлардан улыўма майданы 25 квадрат метрден аз болмаған 1 ханалы, ержеткен жетим балалар арасында неке дүзилген жағдайларда, 50 квадрат метрден аз болмаған 2 ханалы квартиралар ажыратылады. Онда, усы категорияға киретуғын майыплығы болған балаларға квартиралар көп қабатлы турақ жайлардың үшинши қабатына шекем ажыратылады;
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ушын квартиралар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен көшпес мүлктиң басланғыш базарындағы қала ҳәм районларда қурылған көп квартиралы турақ жайлардан сатып алынады;
тийисли район (қала)да көшпес мүлк басланғыш базарында усы бәнтте нәзерде тутылған нормаларға сәйкес келетуғын квартиралар жоқ болғанда, аймақлық «Халқпарвар» комиссияларының жуўмағына тийкарланып квартиралар көшпес мүлктиң екилемши базарынан тийисли нормаларға муўапық жағдайда сатып алынады;
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды турақ жайлар менен тәмийинлеў «онлайн-гезек» системасы тийкарында әмелге асырылады, онда усы гезекке өзгерис киргизилиўине және гезегинен бурын кейинги гезекте турған балаларға турақ жай ажыратылыўына жол қойылмайды;
Халық билимлендириў министрлиги жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың турақ жай менен тәмийинлениў жағдайы ҳаққындағы ҳәр айда жаңаланатуғын мағлыўматларды өзиниң рәсмий веб-сайтында жайластырып барады.
- а) Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға турақ жайлар мүлкке ийелик етиў ҳуқықы тийкарында, бирақ олар 30 жасқа толғанға шекем турақ жайды сатыў, саўға етиў, ямаса гиреўге қойыў ямаса ижараға бериў және турақ жайда өзи ҳәм шаңарақ ағзалары (өмирлик жолдасы ямаса ҳаялын, перзентлери)нан тысқары басқа пуқараларды турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыў ҳуқықысыз ажыратылатуғыны.
Онда, жетим бала ямаса ата-ана қарамағынан айырылған баланың тийкарланған мүрәжаты тийкарында жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен турақ жайдың улыўма майданын кеңейтиў ҳәм усы бәнтте нәзерде тутылған талапларды сақлап қалыў шәрти менен сатыўға руқсат берилетуғыны;
б) жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды турақң жай менен тәмийинлеў процесинде төмендегилердиң қадаған етилетуғыны:
бир көп квартиралы турақ жайдың ҳәр бир кириў жолындағы квартираларда биреўден артық жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды жайластырыў;
еки ҳәм оннан артық жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ушын көп квартиралы турақ жайдан бир квартира ажыратыў (олар арасында неке дүзилген жағдайлар буған кирмейди);
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ушын өз алдына көп қабатлы турақ жайлар қурыў ҳәм бул жерде олардың барлығын жайластырыў;
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ушын жатақханалардан турақ жайлар ажыратыў (сатып алыў);
в) жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балалар колледж, академиялық лицей, техникум ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған дәўиринде жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен ажыратылған турақ жайларда коммуналлық хызметлердиң нормалық көрсеткишлери бойынша пайдаланылған коммуналлық хызметлер ушын төлемлердиң 50 проценти тийисли район ҳәм қаланың жергиликли бюджетлериндеги қосымша дәреклериниң есабынан компенсацияланатуғыны.
Онда, жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен ажыратылған турақ жайларда пайдаланылатуғын коммуналлық хызметлердиң нормалық көрсеткишлери тийисли район ҳәм қала ҳәкимликлери тәрепинен белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды турақ жайлар менен тәмийинлеўди шөлкемлестириў, турақ жайлардың әдил бөлистирилиўи ҳәм өз ўақтында қадағалаў бойынша Республикалық комиссияның (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) қурамы 1-қосымшаға муўапық;
2021-жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ушын турақ жай сатып алыўдың мақсетли параметрлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Турақ жайларға мүтәж жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға турақ жай сатып алыў ҳәм қурыў ушын:
2021-жылы талап етилетуғын қаржылардың 50 проценти Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети, қалған бөлеги Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери ҳәм басқа да қаржылары есабынан ажыратылады;
2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде Қаржы министрлиги ушын ажыратылған қаржылар қурамында өз алдына қаржылар режелестирилип, кейин ала ҳақыйқый талаптан келип шыққан ҳалда Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлерине қайта бөлистириў арқалы қаратылады.
Онда, оңлаў ҳәм үскенелеў менен байланыслы қәрежетлер тийисли район (қала)ның жергиликли бюджетиндеги қосымша қаржылары есабынан қапланады.
- Республикалық комиссия (А.Арипов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери 2021-жыл 1-декабрьге шекем усы қарар шеңберинде турақ жайға мүтәж 757 жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды турақ жай менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте:
он күн мүддетте жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға турақ жайларды сатып алыў менен байланыслы қәрежетлер ушын қаржы ажыратыў ҳаққындағы усыныслардың Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине киргизилиўин;
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға ажыратылған турақ жайлар жасаў ушын барлық зәрүр шараятларға ийе болған (оңланған ҳәм үскенеленген) ҳалда тапсырылыўын тәмийинлесин.
- Есап палатасы (Б.Турабов) ҳәм Бас прокуратура (Н.Йўлдошев) жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды турақ жай менен тәмийинлеў ушын ажыратылатуғын қаржылардың қәлиплесиўи ҳәм мақсетли жумсалыўы үстинен қадағалаў орнатсын.
- Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Шерматов) ҳәм Миллий гвардия (Р.Джураев):
бир ай мүддетте жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды турақ жай менен тәмийинлеўдиң «онлайн-гезек» системасын әмелиятқа енгизсин;
турақ жайға мүтәж жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар дизиминиң «онлайн-гезек» системасына киргизилиўин ҳәм турақлы жаңаланыўын тәмийинлесин;
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьден баслап жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балалардың турақ жайға мүтәжлигин «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы анықланыўын жолға қойсын.
- Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды турақ жай менен тәмийинлеў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың билим алыўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2021-жыл 1-сентябрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар мәмлекет қарамағындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплерге гезекке қойылмаған ҳалда жайластырылады;
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға олар техникум, колледж, академиялық лицей ямаса жоқары билимлендириў мәкемесинде оқып атырған дәўиринде ҳәр оқыў жылында бир мәрте оқыў, илимий ҳәм көркем әдебиятлар (китаплар) сатып алыў қәрежетлери ушын Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының 5 есеси муғдарында субсидиялар ажыратылады;
министрликлер ҳәм уйымлар Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған графикке тийкарланып бир жылда кеминде бир мәрте барлық «Меҳрибанлық» үйлери, Балалар қалашалары ҳәм шаңарақлық балалар үйлери, сондай-ақ, «SOS – Өзбекстан балалар мәҳәллелери» аўқамының балалар мәҳәллелеринде (кейинги орынларда – оқыў-тәрбия мәкемелери) презентациялар өткереди. Онда, усы презентацияларды өткериў методикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен белгиленеди.
оқыў-тәрбия мәкемелери тәрбияланыўшыларының мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң шет тиллер, жоқары билимлендириў мәкемесине оқыўға кириў ушын имтахан тапсырылатуғын еки пән, аспазлық, кондитерлик, шаштәрезлик, компьютер билимданлығы ҳәм өзлериниң қызығыўшылықларынан келип шыққан ҳалда басқа сәйкес бағдарлар бойынша курсларында оқыў қәрежетлери Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан бир жылда базалық есаплаў муғдарының 20 есесине шекемги муғдарда компенсацияланады;
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар оқыўды мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде даўам еттиргенде оларға Студентлерди хошамателеў қорының қаржылары есабынан стипендия төлемлери 50 процентке арттырылған ҳалда төленеди.
- Жоқары билимлендириў мәкемелерине абитериентлерди қабыллаўдың улыўма санынан «Меҳрибанлық» үйи ҳәм балалар қалашасының питкериўшилери болған шын жетимлер ушын қосымша түрде бир процентке шекем мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў квоталары 2021-2022-оқыў жылынан баслап SOS – балалар мәҳәллелери ҳәм шаңарақлық балалар үйлери питкериўшилери, сондай-ақ, қәўендерликке, қайырқомлыққа ямаса шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) жетим балалар (жигирма бес жасқа толмаған) ушын да қолланылатуғыны, онда бул қосымша квоталардың жоқары билимлендириў мәкемелери бойынша бөлистирилиўи Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Миллий гвардия тәрепинен белгиленетуғыны белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссия (А.Арипов) 2021-2022-оқыў жылында SOS – балалар мәҳәллелери ҳәм шаңарақлық балалар үйлери питкериўшилерине, сондай-ақ, жигирма бес жасқа шекемги қәўендерликке, қайырқомлыққа ямаса шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) жетим балаларға усы бәнтте нәзерде тутылған қосымша квоталардан пайдаланыў имканиятын тәмийинлесин.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте бир ай мүддетте жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың оқыў, илимий ҳәм көркем әдебиятлар (китаплар)ды сатып алыў қәрежетлерин қаплап бериў тәртибин тастыйықласын.
- Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Шерматов) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) бир ай мүддетте оқыў-тәрбия мәкемелери тәрбияланыўшыларының мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў курсларында оқыў қәрежетлерин компенсациялаў тәртибин тастыйықласын.
- 2021-жыл 1-сентябрьден баслап оқыў-тәрбия мәкемелерин тамамлаған жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды жумысқа жайластырыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўдиң төмендеги тәртиби енгизилсин:
а) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен:
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қәлиплестирген жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар дизими тийкарында олардың ири өндирис ҳәм хызмет көрсетиў кәрханаларында ҳәр жылы әмелият өтеўи шөлкемлестириледи;
техникум, колледж ямаса жоқары билимлендириў мәкемесине оқыўға кирмеген және кәсип ийелеў тилегиндеги жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың өз системасындағы «Жумысқа мәрҳамат» моно орайлары, кәсип-өнерге оқытыў орайлары ҳәм дәргайларында кәсип-өнерге оқытылыўы жолға қойылады;
Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың бәнтлиги бойынша турақлы мониторинг әмелге асырылады;
б) «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасында белгиленген қаржылар ҳәм тәртиплер шеңберинде жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға олардың бизнес жойбарларында нәзерде тутылған мақсетлерге кредитлер гезекке қойылмаған ҳалда ажыратылады;
в) оқыў-тәрбия мәкемелери Жаслар ислери агентлиги тәрепинен жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың турмысын жақсылаў, кәсип-өнер ҳәм бизнес пенен шуғылланыў арқалы дәрамат табыў және оларға бундай жумысты жолға қойыўдың әмелий өзгешеликлерин үйретиўге қаратылған «коучинг» видеоматериаллар, мотивациялық роликлер ҳәм сабақлықлар топламлары менен оқыў-тәрбия мәкемелери Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан тәмийинленеди.
- Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды, оларды перзентликке, қәўендерликке (қайырқомлыққа, патронатқа) алып атырған ҳәм тәрбиялап атырған шаңарақларды материаллық, ҳуқықый ҳәм психологиялық-педагогикалық қоллап-қуўалаў мақсетинде:
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ата-аналарының жақын туўысқанларына бул балаларды гезексиз перзентликке ямаса шаңараққа тәрбияға (патронатқа) алыў ҳуқықының берилетуғыны;
2021-жыл 1-сентябрьден кейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң басламасы менен, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды қайырқомлыққа ҳәм қәўендерликке алған «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында бул балалар 18 жасқа толғанға шекем Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан базалық есаплаў муғдарының бес есеси муғдарында материаллық жәрдем пулы төлеў әмелиятының енгизилетуғыны;
2021-жыл 1-сентябрьден кейин майыплығы болған балаларды қайырқомлыққа (қәўендерликке, патронатқа) алған шаңарақларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төленетуғын төлемлер базалық есаплаў муғдары он есеси муғдарына шекем жеткерилетуғыны;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған дизим тийкарында аўыр кеселликке шатылған жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың республикамызда жолға қойылмаған хирургиялық әмелиятлары бойынша сырт еллердеги хирургиялық операциялар менен байланыслы қәрежетлер Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Онкогематогиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шатылған наўқасларды саламатландырыўға жәрдемлесиў қоры есабынан толық муғдарда компенсацияланатуғыны;
«Меҳрибанлық» үйлери ҳәм Балалар қалашаларына 2 психолог штат бирлигиниң ажыратылатуғыны;
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар және оларды перзентликке ямаса қайырқомлыққа (қәўендерликке, патронатқа) алған пуқараларға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармалары жанындағы Юридикалық хызмет көрсетиў орайлары тәрепинен бийпул юридикалық хызмет көрсетилетуғыны белгиленсин.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) еки ай мүддетте:
а) жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар тәрепинен төленетуғын мәмлекетлик бажылар ҳәм жергиликли жыйымларға азайтыўшы коэффициентлерди белгилеў бойынша усынысларды;
б) төмендегилерди нәзерде тутатуғын нызам жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин:
бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын алыўшы балалар академиялық лицей ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерине киргенде, олардың бул пенсияны алыў ҳуқықын академиялық лицей ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыўдың пүткил дәўири даўамында, бирақ 23 жасқа толғанға шекем сақлап қалыў;
оқыў-тәрбия мәкемелерине ямаса жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға материаллық жәрдем бериў ушын исбилерменлик субъектлери тәрепинен қайырқомлық жәрдеми түринде қаратылатуғын қаржылар суммасына пайда салығын есаплаўда шегирилетуғын қәрежетлер сыпатында қаралыўын белгилеўди;
усы қарардан келип шығып, «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына усы қарардың мазмун-мәнисин кеңнен жарытыў усыныс етилсин.
- Халық билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Миллий гвардия сәркардасы Р.М.Джураев, халық билимлендириў министри Ш.Ҳ. Шерматов және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Д.М.Кенжаевқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректе мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 9-август