Токио Олимпиадасының 2-август күнги жарыслары шеңберинде грек-рим гүреси бойынша 77 килограммға шекемги салмақта қарақалпақстанлы Жалғасбай Бердимуратов дәслепки беллесиўин армениялы Карапет Чалянға қарсы өткерип, упайлар есабында (5:0) жеңилиске ушырағаны ҳаққында алдын хабар берген едик.
Солай етип, Карапет Чалян шерек финалда әзелий қарсыласы россиялы Александр Чехиркинге қарсы гилемге шықты ҳәм 2:1 есабында жеңиске ерисип, ярым финал жолламасына ийе болды.
Чалян ярым финалда қырғызстанлы палўан, Азия чемпионы, Азия ойынлары сыйлы орын ийеси, 22 жаслы Ақжол Махмудовқа қарсы беллесиў өткереди. Беллесиў бүгин, 2-август күни болып өтиўи жобаластырылған. Армениялы палўан ярым финалда қырғызстанлы спортшыны жеңип, финал жолламасына ийе болса, жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратовта Токио Олимпиадасының бронза медалы ушын беллесиўлерге кирисиў имканияты пайда болады.
Солай екен, биз жағдайды бақлап барамыз ҳәм бул ҳаққында қосымша материаллар жәриялаўға ҳәрекет етемиз.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.