Токио Олимпиадасының 2-август күнги жарыслары шеңберинде грек-рим гүреси бойынша 77 килограммға шекемги салмақта қарақалпақстанлы Жалғасбай Бердимуратов дәслепки беллесиўин армениялы Карапет Чалянға қарсы өткерди.

Беллесиўде армениялы спортшы упайлар есабында (5:0) жеңиске еристи ҳәм шерек финал жолламасына ийе болды.

Егер Карапет Чалян финалға шекем жетип барса, Жалғасбай бронза медалы ушын беллесиўлерди даўам еттиреди.

Өзбекстан Миллий Олимпия комитети Жалғасбай Бердимуратовтың усы беллесиўинен фоторепортаж таярлады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.