Президент Шавкат Мирзиёев 19-июль күни насос станцияларын модернизациялаў арқалы аўыл хожалығы инфраструктурасын жақсылаў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Елимизде 1 мың 687 насос станциясы бар. Соннан 299 ы ескирген болып, олар менен суўғарылатуғын жерлердиң 80 мың гектары пайдаланыўдан шығып кеткен, 607 мың гектарында суў тәмийнаты төменлеген. Бул насос станцияларын жаңалаўға улыўма 700 миллион евро қаржы талап етиледи.

146 миллион евро сырт ел кредит есабынан биринши гезекте Сурхандәрья, Қашқадәрья, Самарқанд, Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятларындағы улыўма 95 насос станциясын модернизациялаў режелестирилген.

Мәжилисте бул бағдарда орынланатуғын жумыслар белгиленди.

Суў хожалығы министрлигине жылдың ақырына шекем үскенелер сатып алыныўы бойынша тендерлерди жуўмақлап, қурылысты баслаў бойынша тапсырма берилди.

Модернизация ушын зәрүр болған 86 түрдеги насостан 15 и, 80 түрдеги электр двигателинен 20 сы мәмлекетимиз кәрханаларында ислеп шығарылмақта. Мәмлекетимиз басшысы үскенелер сатып алыўда буннан кең пайдаланыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Жойбар шеңберинде 40 мың гектар жерди пайдаланыўға қайтарыў ҳәм 315 мың гектарда суў тәмийнатын жақсылаў мақсет етилген. Атап айтқанда, Бухара  ҳәм Наўайы ўәлаятларында 3 районда, Қашқадәрьяда 5, Самарқандта 6 ҳәм Сурхандәрья ўәлаятында 11, улыўма 28 районда суўғарыў имканияты артады.

Бас министрдиң орынбасары ҳәм ўәлаят ҳәкимлерине суў тәмийнаты жақсыланатуғын майданларда жоқары дәраматлы өнимлер егиў ҳәм усы тийкарда 80 мың халықтың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бағдарлама қабыл етиў ўазыйпасы қойылды.

Президентимиз жойбар менен қамтып алынатуғын жерлерде суў үнемлеўши технологияларды енгизип, суўдың жумсалыўын 40 процентке қысқартыў ҳәм қосымша 20 мың гектар жерди пайдаланыўға киргизиў мүмкин екенлигин атап өтти.

Насос станцияларына техникалық хызмет көрсетиўши қәнигелердиң маманлығын арттырыў, оқыў курслары ҳәм әмелий семинарлар шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилиди.

Қашқадәрья ўәлаяты Ғузор районындағы жақында жаңаланған «Дослық» насос станциясы бул бағдарда жақсы үлги болады. Оның модернизацияланыўы  нәтийжесинде 11 мың гектар жердиң суў тәмийнаты жақсыланған, экплуатация қәрежетлери 300 миллион сумнан 100 миллион сумға шекем азайған, жылына 8  миллион киловатт электр үнемленбекте.

Жуўапкерлерге жойбар үстинен системалы қадағалаў орнатыў, қаржылардың нәтийжелилигин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди. Жаңаланатуғын ҳәр бир насос станциясын кластерлерге байланыстырып, жойбарлардың басынан ақырына шекем олардың қатнасыўын тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте жуўапкер министрлер ҳәм ўәлаят ҳәкимлери орынланатуғын жумыслар және ерисилетуғын нәтийжелер бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА