Елимизде жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыў. оларды дәрамат дәреги менен тәмийинлеў, социаллық машқалаларды шешиў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. 

Атап айтқанда, Төрткүл районындағы сектор басшылары тәрепинен  «Мәҳәлле кесиминде», «Пуқара кесиминде» ислеў тийкарында үйме-үй жүрип, ҳәр бир ҳаял-қыз бенен сәўбетлесиў өткерилип, олардың мақсет-нийетлери тыңланбақта.  «Ҳаял-қызлар дәптери» дизимине тийкарынан социаллық, ҳуқықый, психологиялық қоллап-қуўатлаўға, бәнтлигин тәмийинлеўге талабы болған 30 жастан жоқары ҳаял-қызлар киргизилген.

Райондағы 2-сектор тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар қысқа ўақыттың өзинде унамлы шешимин таппақта.  Мәселен, «Атауба» аўыл пуқаралар жыйынында кәсип-өнерге ийе болған 30 ҳаял-қыз кооперацияға бирлестирилип, жүнди қайта ислеў ҳәм гилем тоқыў жолға қойылды. Итибарға ылайықлы тәрепи сонда, район орайынан узақта жайласқан аймақ турғынлары өзлериниң дәраматына ийе болыўы менен бирге миллий қәдириятларымызды қайта тиклеў арқалы жасларымызға «Устаз-шәкирт» тийкарында өнер үйретиўди жолға қоймақта.

-Райондағы  2-сектор басшыларының басламасы менен қараўсыз бос турған имарат қайта оңланып, жүнди қайта ислеў цехы иске түсирилди,-дейди «Атауба» аўыл пуқаралар жыйыны баслығының орынбасары Қурбангүл Ягмурова.-Нәтийжеде «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген, сондай-ақ, жумыссыз отырған ҳаял-қызлардың  бәнтлиги тәмийинленди. Бул жерде гилем, жүннен кийиз ҳәм кийим-кеншеклер ислеп шығарылмақта. Келешекте кооперацияны еле де кеңейтиў режелестирилген.

«Шадлық» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген Айгүл Абдуллаева жумыссыз еди.  Ол гүл өсириўге қызығады. Оның қызығыўшылығы есапқа алынып, гүл жетистиретуғын ыссыхана шөлкемлестириў ушын сектор басшыларының жәрдеми менен банк тәрепинен 30 миллион сум жеңилликли кредит ажыратылди.  Енди өзи менен бирге шаңарағынан үш адамның бәнтлиги тәмийинленди.

-Ыссыханамызда гүлдиң жүзден зыят түри бар,-дейди гүл жетистириўши Айгүл Абдуллаева.-Қолым босады дегеннен гүллер менен  «сөйлесип», оларға тәрбия беремен. Енди ыссыханада помидор ҳәм қыяр нәллерин де жетистирмекшимиз.

Ҳақыйқатында да район аймағында кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында «Мәҳәлле кесиминде» ислеўге айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, 2-сектор аймағында 319 ҳаял қыз «Ҳаял-қызлар дәптери» киргизилген болып, оларға 9 бағдар бойынша әмелий жәрдем көрсетилиўи нәтийжесинде 67 ҳаял қыз турақлы ҳәм жәмийетлик жумысларға тартылды. Жумысты үйге бөлип алып ислеў тийкарында 50 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Исбилерменлик жумысын баслаў нийетиндеги 68 ҳаял-қызға 496 миллион сум кредит ажыратылды.

Сектор басшылары «Ҳаял-қызлар дәптери»ндегилердиң бәнтлигин тәмийинлеў менен бирге «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар менен системалы бирге ислесиўди жолға қоймақта. Оларды турақлы ҳәм жәмийетлик жумысларға тартыў, жеңилликли кредит, субсидия ажыратыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў, «Устаз-шәкирт» ҳәм «1+1» бағдарламасы тийкарында  сектор аймағында 1263 жас «Жаслар дәптери»не киргизиленген болса, соннан 516 жастың бәнтлиги тәмийинленди. 25 жасқа 600 миллион сумнан зыят кредит ажыратылды. 410 жасқа  125 гектар жер майданы ажыратылып, 8 жасқа субсидия арқалы керекли әсбап-үскенелер алып берилди. «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳәм оннан шығарылған жаслардан тысқары улыўма билим бериў мектеплерин ҳәм колледжлерди быйыл питкерген 2500 жасты жумыс пенен тәмийинлеў бойынша илажлар ислеп шығылды.

Районның басқа секторларында да «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилгенлерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери