Ташкент қаласында 16-июль күни «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық байланыслылық. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» темасында халықаралық конференция өз жумысын баслады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген конференцияда Аўғанстан Ислам Республикасының Президенти, Пакистан Ислам Республикасының Бас министри, Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлериниң сыртқы ислер министрлери, жәми 44 мәмлекет ҳәм 30 ға шамалас халықаралық шөлкемниң делегациялары, абырайлы сырт елли илимий-изертлеў ҳәм таллаў орайларының басшылары қатнаспақта.

Конференцияны Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев ашып, Орайлық ҳәм Қубла Азия регионлары арасындағы тарийхый жақынлық, оны бүгинги күнде өз-ара исеним ҳәм мәпдарлық тийкарында беккемлеўдиң әҳмийети ҳаққында шығып сөйледи.

Орайлық ҳәм Қубла Азия әзелден бир-бириниң мәдениятын байытқан. Уллы жипек жолы ҳәм Ҳинд-ганг жолы арқалы өнимлер, билим, өнер ҳәм қәдириятлар тарқалған. Көбинесе бул регионлар тутас мәмлекетлердиң қурамында да болған. Бактрия ҳәм Кушан империясы, Түрк қағанлығы, Ғазнаўийлер,Темурийлер ҳәм Бабурийлер мәмлекети оған айқын мысал болып есапланады.

Тилекке қарсы, 19-әсирге келип, бундай жақынлық ҳәм байланыслылыққа зыян жетти. Шегаралар пайда болып, бирге ислесиўдиң орнын түрли қарама-қарсылық, исенимсизлик ийеледи.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде тарийхый байланысларды тиклеў әҳмийетли екенлигин, ҳәрекетлерди бирлестириў ўақыты  келгенин атап өтти.

– Пүткил дүнья жүзи ҳәм қәўип-қәтерлер ҳәм жаңа имканиятларды өзинде тутқан глобаллық геосиясий трансформациялар дәўирине қәдем басты. Бундай шараятта 2 миллиардтан аслам адам жасап атырған Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы байланыслардың қайта тиклениўи оғада әҳмийетли ҳәм объектив процесске айланып бармақта. Халықларымыздың үлкен тарийхый, илимий ҳәм руўхый-мәдений мийрасынан, экономикаларымыздың бир-бирин толықтырып турыўынан, интеллектуаллық потенциал ҳәм мийнет ресурсларының бар екенлигинен келип шығып, биргеликтеги ҳәрекетлерди бирлестириў ўақыты келди, деп ойлайман ҳәм бул, әлбетте, үлкен пайда келтиреди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳақыйқатында да, тынышлық, жақсы қоңсышылық ҳәм исенимниң беккемлениўи, бирге ислесиўдиң раўажланыўы, ашық ҳәм әмелий сиясаттың жолға қойылыўы Орайлық ҳәм Қубла Азиядағы барлық мәмлекетлердиң мәпине туўра келеди.

Президентимиз шығып сөйлеген сөзинде усы мақсетлерге қаратылған әҳмийетли басламаларды алға қойды.

Бәринен бурын, саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң тийкарғы екени атап өтилип, бул тараўдағы әҳмийетли мәселелерди додалаў, кооперация ҳәм инвестициялық байланысларды кеңейтиў ушын ҳәр жылы регионлараралық форум өткериў усынысы билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия менен Қубла Азияны нәтийжели ҳәм қәўипсиз байланыстыратуғын транспорт-логистика инфраструктурасын қурыў мәселесине айрықша итибар қаратты. «Термиз-Мазари Шариф – Кабул – Пешавар» темир жолының қурылысы бул архитектурада әҳмийетли буўын болады. Ол еки регионның транзит потенциалын толық әмелге асырып, жүк тасыў аралығы ҳәм ўақытын бираз қысқартады. Сол себепли де, бул жойбар қатнасыўшы мәмлекетлер ҳәм халықаралық финанс институтлары тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.

Саўда, транзит ҳәм бажыхана процесслерин санластырыў, бул бағдарда биргеликтеги ҳәрекетлер стратегиясын қабыл етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Пүткил дүнья жүзинде азық-аўқат қәўипсизлиги мәселеси де әҳмийетли болып бармақта. Сол себепли Президентимиз БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң қәўендергилигинде регион мәмлекетлериниң аўыл хожалығы министрлериниң ушырасыўын өткерип, қоспа бағдарлама ислеп шығыў усынысын алға қойды.

Регионда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў, терроризм, экстремизм ҳәм трансшегаралық жынаятшылыққа қарсы гүресиў илажларына да тоқтап өтти.

Экологияны қәстерлеп сақлаў, «жасыл» экономиканы раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Орайлық ҳәм Қубла Азияның туризм потенциалынан кеңнен пайдаланыў мақсетинде туроператорлардың бирден-бир платформасын қәлиплестириў, Жәҳән туристлик шөлкеминиң қатнасыўында регионда туризмди буннан былай да раўажландырыў бойынша пикирлер билдирилди.

Илимий ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды көбейтиў дослық ҳәм исенимди беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди. Усы бағдарда ЮНЕСКОның қәўендерлигинде Термиз қаласында Орайлық ҳәм Қубла Азияның тарийхый мийрасына бағышланған халықаралық форум өткериў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы илим, технология ҳәм инновациялық тараўлардағы бирге ислесиўге де айрықша итибар қаратты. Биргеликтеги изертлеў ҳәм тәжирийбе алмасыў бағдарламаларын хошаметлеў, илимпазлар менен изертлеўшилер ушын жеңиллестирилген виза тәртибин енгизиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Бизге белгили, конференция қарсаңында Ташкентте Орайлық Азия халықаралық институты ашылды. Президентимиз усы таллаў орайы негизинде регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған экспертлер топарын дүзиўди усыныс етти.

– Орайлық ҳәм Қубла Азияның тарийхый-мәдений бирдей екенлиги, мәмлекет ҳәм халықларымыздың бир-бирине сәйкес келетуғын мәплери улыўма абат келешекти қурыўымыз ушын тийкар болатуғын беккем тырнақ болып есапланады. Биргеликте турақлы раўажланыў перспективалары бойынша анық көзқарасқа ийе болыўымыз керек. Алдымызда Орайлық ҳәм Қубла Азияны, пүткил Евразия континентимизди бирлесип турақлы, экономикалық жақтан раўажланған ҳәм абат мәканға айландырыў мақсети турыпты, – деди Өзбекстан Президенти.

Буннан кейин, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриштиң конференция қатнасыўшылары жоллаған видеомүрәжаты көрсетилди.

Аўғанстан Ислам Республикасының Президенти Ашраф Ғани, Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хон, Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили Жозеф Боррел регионда бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары, онда усы форумның әҳмийети ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Конференция өз жумысын даўам еттирмекте.

Форумның жалпы сектор мәжилислеринде саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда регионаллық байланыслылықты және де беккемлеўге қаратылған имканиятлар ҳәм басламалар додаланды.

Конференция жуўмақлары бойынша арнаўлы резолюция жойбары таярланып, көрип шығыў ушын БМШ Бас Ассамблеясына усынылатуғын болды.

 

ӨзА