30-июнь – Жаслар күни

Ғәрезсизликтиң 30 жыллығын күтип алып атырған Өзбекстан тарийхының өткен дәўиринде үлкен бурылыслар, өзгерислер, жаңаланыўлар жүз берди. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында да. Әсиресе, республикамызда жасларға көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамхорлықтан ҳәмме қуўанышлы.

Соңғы жылларда Қарақалпақстанда 42 мыңнан аслам жаслардың бәнтлиги тәмийинленди. Жаслардың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 402 жойбарға 107 миллиард 992,8 миллион сум кредит  ажыратылып, 1 517 жаңа жумыс орны жаратылды.

Сондай-ақ, бес «Жаслар орайы» пайдаланыўға тапсырылды. Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Коңырат, Хожели, Мойнақ ҳәм Шымбай районларында «Жаслар мийнет гүзары» комплекслери иске қосылып, улыўма 100 ге шамалас жастың бәнтлиги тәмийинленди. Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде жаслардың исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў тийкарында 550 жасқа жер, 16 жасқа исбилерменлик ушын пайдаланылмай турған имаратлар ажыратып бериледи.

Қарақалпақстанда 30 жасқа шекемги жаслардың саны  1 080 870 болып, халықтың 57,8 процентин қурайды. Сонлықтан, барлық қала ҳәм районларда Президентимиздиң  5 әҳмийетли басламасын кеңнен үгит-нәсиятлаўға  бағдарланған 2 мыңнан аслам жойбар әмелге асырылып, оған 580 мыңнан аслам жас тартылды. Өткен дәўир ишинде аймақтың барлық район ҳәм қалаларында «Жаслар – келешек қурыўшылары!», «Бес баслама – бес имканият!» сүрени астында жаслар фестивальлары шөлкемлестирилди, оларда 135 мыңнан аслам жас қамтып алынды. 2018-жыл январь айында «Жаслар-ТВ» телеканалы иске қосылды. Нөкис қаласы, Беруний, Мойнақ, Қанлыкөл ҳәм Бозатаў районларында жаслар орайлары қурылды.

Республикамыз жасларының тәлим-тәрбия алыўы, келешекте өзи қәлеген тараўдың жетик қәнигеси болыўы ушын оқыў мәкемелери жәҳән стандартларына сай үскенеленип, барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, 2020-жылы мектеплерди оқыў-лаборатория буйымлары, компьютер техникасы ҳәм спорт инвентарьлары  менен тәмийинлеў дәрежеси 66 процентти қурады. Бул 2015-жыл менен салытырылғанда 12 процент, 2002-жыл менен болса 55 процентке көп болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға 2018-жылғы сапары ўақтында  берген усыныс ҳәм көрсетпелери тийкарында Нөкис қаласында STEAM бағдары бойынша халықаралық талапларға жуўап беретуғын 168 орынлық Президент мектеби шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде мектеп питкериўшилери дүньяның ең абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға кирмекте.

Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын жедел комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў хаққында»ғы қарарына муўапық, Мойнақ районында 220 оқыўшыға мөлшерленген инновациялық мектеп қурылмақта. Итибарлысы,  STEAM бағдарындағы анық ҳәм тәбийғый пәнлерге қәнигелестрилген мектеп сыпатында жумысын баслайды.

Буннан тысқары, республикамызда жоқары билимлендириў тараўында да бир қатар реформалар әмелге асырылды. Соның ишинде, Президентимиздиң қарары менен Ташкент педиатрия медицина интситутының Нөкис филиалы негизинде Қарақалпақстан медицина институты шөлкемлестирилди.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2002/2003-оқыў жылында тәлим бағдарларының саны 14 болған болса, 2015/2016-оқыў жылы 22, ҳәзирги ўақытта болса 27 ни қурамақта. Қысқа ўақыт ишинде жоқары билимлендириўге жасларды қамтып алыў дәрежеси 21 процентке артып,  бүгинги күнде студентлердиң саны 26 440 қа жетти.

Сондай-ақ, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2 000 орынға мөлшерленген жаңа оқыў имаратын усы жылы падаланыўға тапсырыў режелестрилген. Бул ғәрезсизликтиң 30 жыллығына ылайықлы саўға болады.

Саламатлық инсан өмиринде ең әҳмийетли фактор. Сол себепли, жасларды спортқа тартыў бағдарында да белгили жумыслар орынланбақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстандағы 25 спорт комплексиниң секцияларында 33 739 жас спорт пенен турақлы шуғылланып келмекте. Оларға 1 055 тренер спорттың 48 түринен  cабақ берип атыр. 2020-жылға келип жоқары спорт ҳәм футбол шеберлик мектеплеринде 14 спорт түри  жаңадан шөлкемлестирилип, шуғылланыўшылардың саны 2017-жылға салыстырғанда 4 444 ке артты.

Руўхый-ағартыўшылық тараўда да жаңа өзгерислер бақланды. Президентимиздиң қарары тийкарында қайта шөлкемлестирилген  Бозатаў районы пүткил Өзбекстанның қәбилетли жасларын өз қушағына шақырды. Тарийхта дәслепки рет жаслар ҳаўазы Бозатаўда жаңлады.

Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында усы жылдың 7-10-июнь күнлери Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында жаслар фестивалы шөлкемлестрилди. Фестиваль мүнәсибети менен өткерилгн 125 түрли жойбар ҳәм илажға  520 мыңнан аслам жас қатнасты.

Жасларды исбилерменликке жедел тартыўда олардың санасында күшли мотивация оятыў үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтиў керек. Усы жылдың июнь айында  Нөкисте шөлкемлестирилген «Бизнес марафон» мотивациялық тренингте мыңға щамалас жас исбилермен өзин қыйнап киятырған машқалалар ҳәм сораўларына жуўаплар алды.

Буннан тысқары, исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегин билдирген 5 349 жумыссыз жас тараў бойынша оқытылып, арнаўлы сертификатлар менен сыйлықланды.

Бир сөз бенен айтқанда, басланып атырған жаңа дәўир елимиздиң тарийх бетлеринде үлкен ойлап табылыўлар, өзгерислер дәўири болады. Бүгинги жасларымыз усындай ашылыў ҳәм өзгерислерди ислеўге таяр екенлигине исенимимиз кәмил.

 

Абатбай ДАНИЯРОВ,

Жаслар ислер агентлиги

Қарақалпақстан Республикасы

басқармасының баслығы,

сенатор, «Дўстлик» ордениниң ийеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги