Соӊғы жыллары республикамыз пайтахты Нөкис қаласы үлкен қурылыс майданына айланды. Қалада заманагөй зәўлим имаратлар қурылып, бул пайтахтымыз шырайына-шырай қоспақта.
Усындай көркем имаратлардыӊ бири сыпатында 16 қабаттан ибарат, ҳәр бири 80 квартиралы еки турақ жай ҳәм сол турақ жайлар жанынан бой тиклеп атырған IT-PARK қурылысын айтып өтсек болады.
Өткен жылдыӊ май айында қурылысы басланған бул имаратлар «Турақ-жай қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ қолы гүл қурылысшылары тәрепинен қысқа мүддет ишинде қурып питкерилип, әйне күнлери халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылыў алдында тур.
-80 квартиралы еки турақ жайдыӊ 95 процент қурылыс жумыслары жуўмақланып, ҳәзирги күнлери имаратта соӊғы абаданластырыў жумыслары алып барылмақта,-дейди жәмийет директоры Полат Абдинасыров.- Ал, IT-PARK тиӊ болса дийўаллары қурып питкерилип, алдағы ўақытлары сыбаў-бояў, бөлмелердиӊ әйнек-қапыларын салыў ҳәм пардозлаў жумыслары жүргизиледи. Белгиленген жойбар бойынша бул имараттыӊ 1-2-қабатлары қабыллаўхана, қәўипсизлик ҳәм техникалық хызмет көрсетиў бөлими, IKT музейи, көргизбе майданшасы, китапхана, хызмет көрсетиў орайы, IT-өнимлери саўда майданшасы, 3-4-қабатларында Бизнес хызметлери: банк, консалтинг, баспахана, медиа-студия, серверлер бөлими, 5-қабатта үлкен-киши конференция заллары, 6-8-қабатлары Семинар заллары, IT-орайы, оқыў ханалары, коворкинг зонасы (инкубатор/акселатор), VR/AR лабораториялары, 3D, Роботех, е-спорт, 9-14-қабатларында Бизнес офислер, мәжилислер залы, 15-16-қабатларында IT мийманханасы, ресторан, спорт комплекси болыўы режелестирилген. Бизлер усы жойбарға тийкарланып жумыс алып бармақтамыз.
Шынында да бүгинги күни қызғын пәтлер менен жүргизилип атырған бул имарат қурылыслары өз жуўмағына жеткерилип пайдаланыўға тапсырылса, бул халқымыз ийгилиги ушын хызмет ететуғын әжайып имарат болады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги