Дәрьяда суўдыӊ аз болыўына қарамастан өткен жылы 900 гектар майданға гүзлик бийдай туқымын сеўип, оған агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларын жүргизген Тақыятас районыныӊ дийқан фермерлери ҳәзирги күнлери ғәлле орым-жыйыны ислерин қызғын алып бармақта.

Бүгинги күни аймақтағы бир қатар алдынғы фермер хожалықлары белгиленген шәртнама режесин орынлап шығып атырған болса, айырымлары мәмлекетлик шәртнама режесин жақын күнлер ишинде орынлап шығыў ушын аянбастан мийнет етпекте.

Усындай хожалықлардыӊ бири сыпатында туқым бийдай жетистириўге қәнигелестирилген «Жалайыр» фермер хожалығын айтып өтсек болады.

-Өткен гүзде 70 гектар жерге туқым сеўип, оны агротехникалық қәделерге сай тәрбиялап, ғәлледен дийдиленгендей зүрәәт жетистириўге еристик,-дейди хожалық   ис жүргизиўшиси Айбек Сейтимов.-Ҳәзирги күнге шекем 30 гектар жердеги бийдайды орып-жыйнап ел телегине тапсырдық. Ҳәзирше ҳәр бир гектардан орташа 30-33 центнерден өним алып атырмыз. Жақын күнлер ишинде белгиленген режени орынлап шығамыз.

Шынында да бүгинги күни районда бийдай орым-жыйыны қызғын алып барылмақта. Сондай-ақ, аймақта ғәлледен босаған майданларды суўғарып, оларды  мәш, тары, гешир, салы  ҳәм жүўери дақылларын егиў ҳәм оларға агротехникалық қәделерге сай тәрбиялаў жумыслары қоса  алып барылмақта.

 

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги