Усы жыл 22-июнь күни Нөкисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палаталары жанындағы Жаслар парламентлерине Қарақалпақстан Республикасынан сайланған ағзаларының қатнасында оқыў-семинары болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң баслығы Б.Алиханов басқарып барды.
Буннан кейин Олий Мажлис Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары Б.Матмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова шығып сөйлеп, Сайлаў кодексине киргизилген өзгерислер менен қосымшалардың әҳмийети, депутатлық жумысын шөлкемлестириў, сиясий партиялардың жәмийетлик қадағалаўдағы роли ҳәм басқа да мәселелерге тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында Аралбойы аймағын раўажландырыў, бул жерде жасаўшы халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының, сондай-ақ Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясының қабыл етилиўи елимиз турмысындағы тарийхый ўақыялардың бири болды. Жоқарыда атап өтилген қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша қала ҳәм районларымызды, тараўларды жедел раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў бойынша үш жылға мөлшерленген 2788 жойбарды өз ишине қамтыған бағдарлама белгилеп алынды.
Быйылғы жылы елимизде және бир тарийхый ўақыя Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтеди. Ҳәзирги ўақытта пүткил елимиз бойлап усы сайлаўға қызғын таярлықлар көрилмекте. Сайлаў жаңадан қабыл етилген Сайлаў кодекси тийкарында өткерилетуғынын айырықша атап өтиў керек. Бул сиясий мапазда әлбетте бизиң жасларымыздың белсендилиги талап етиледи.
Илажда усы жылдың 10-12-июнь күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында шөлкемлестирилген оқыў-семинарына белсене қатнасқан жаслар парламентлери ағзаларына сертификатлар тапсырылды.
-Ташкент қаласында болып өткен оқыў-семинары менде айрықша тәсир қалдырды,-дейди Бозатаў районындағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламенти ағзасы Илҳам Жаббарбергенов.-Әсиресе елимиз басшысының «Өзбекстан Республикасында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты түп-тийкарынан реформалаў ҳәм жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәниси, соның менен бирге, билимлендириў тараўындағы өзгерислер мен де айрықша тәсир қалдырды. Бүгинги семинарда да болажақ Президент сайлаўына таярлықтың барысы, Сайлаў кодексине киргизилген өзгерислер менен қосымшалар туўралы қөплеген әҳмийетли мағлыўматларға ийе болдық. Алған билимлеримиздиң жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлап барамыз.Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы