2018-жыл 1-январь күни Өзбекистан Республикасы ҳәм Чехия Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 25 жыл толды. Еки мәмлекет басшылары Өзбекистан-Чехия бирге ислесиў тарийхындағы усы сәне мүнәсибети менен бир-бирин қутлықлады.
Чехия Президенти Милош Земанның қутлықлаўында былай делинген: «Ҳүрметли Президент Мырза, Сизди Өзбекистан Республикасы ҳәм Чехия Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлағанымнан ҳәм өз-ара қатнасықлардың раўажланыўынан қуўанышлы екенимди бидириўге руқсат еткейсиз».
«Соңғы жылларда еллеримиз арасындағы қатнасықлардың жеделлескени ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң беккемленгени биз ушын оғада әҳмийетли болып табылады, – деп атап өткен Президент Милош Земан өз қутлықлаўында. – Сол себепли, мениң Чехия Республикасына сапар етип келиўиңизди сорап жиберген мирәтимди қабыл еткениңизден оғада қуўанышлыман. Сондай-ақ, мен Сизиң саўда тараўындағы тосқынлықларды сапластырыў ҳәм экономиканы хошаметлеў арқалы «Өзбекистан есиклерин ашыў жолында ислеп атырған ҳәрекетлериңизди жоқары қәдирлеймен. Өзбекистан Республикасы биз ушын әҳмийетли экономикалық шерик болып табылады».
Чехия басшысы «Сиз ҳәм Сизиң жаңа ҳүкиметиңиз тәрепинен тек ғана экономикада емес, ал сыртқы сиясат, әдиллик, демкоратия ҳәм инсан ҳуқықлары тараўларында басланған реформалар қаншелли үлкен күш-жигер менен әмелге асырылып атырғаны да мақтаўға ылайық», деп атап өткен.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев өз қутлықлаўында «Өткен дәўирде еллеримиз ҳәм халықларымыз арасында беккем дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм келисим дәстүрлерине тийкарланған жақын ҳәм нәтийжели бирге ислесиўдиң қәлиплескени қуўанышлы. Ҳәр қыйлы тараўларда ҳәм түрлерде ашық-айдын ҳәм әмелий пикирлесиў жедел даўам еттирилмекте, саўда-экономикалық байланысларда, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында мазмунлы алмасыўлар избе-из раўажланбақта», деп атап өткен.
Мәмлекетимиз басшысы «Өзбекистан Чехия менен көп қырлы шерикликти буннан былай да беккемлеўге ҳәм тереңлестириўге сөзсиз умтылатуғынын, әмелий бирге ислесиўдиң жаңа бағдарламалары менен жойбарларын биргеликте әмелге асырыўға таяр екенин және бир мәрте тастыйықлайман», деп атап өткен.
Өзбекистан Президенти «жоқары дәрежедеги алдағы сөйлесиўлер Өзбекистан-Чехия бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиўдиң тийкарғы мәселелери бойынша пикир алысыўға және оларды сапа жағынан жаңа мазмун менен байытыўға қаратылған әмелий илажларды ислеп шығыўға хызмет етеди», деп исеним билдирген.
ӨзА