Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы аймағына улыўма 15 дана фото-қақпан орнатылған еди.

 

Миллий тәбият бағы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, усы фото-қақпанлар жәрдеминде пүткиллей жоқ болып кетиў алдында турған, локаль көлемде тарқалған генже түр Үстирт қойы – Арқал анықланды. Соның менен бирге, фото-қақпанға түлки де түсип қалған. Ҳәзирги ўақытта мониторинг илажлары даўам етпекте.

Мағлыўмат ушын, Үстирт қойы Үстирттиң қубласы, тийкарынан Қазақлы-Қапланқыр бөлими, Сарықамыс жағалаўы, қубла чинклердиң шығыс тәрепинде тарқалған. Пада болып, отырықшы тәризде жасайды, базда киши аралықларға мәўсимли түрде көшеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.