Сайгачий комлексли (ландшафт) буйыртпа қорықханасы аймағында инспекторлар тәрепинен қуслар дүньясын үйрениў жумыслары алып барылмақта.

 

Қорықхана мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, үйрениў жумыслары даўамында инспекторлар қуслардың уялары, мәйеклери ҳәм оларды жарып шыққан палапанларының гүўасы болмақта.

 

Қорықхана аймағында айырым сийрек гезлесетуғын қуслар ҳәм тәбиятта кең тарқалған түрлер де ушырасады. Олардың жасаў тәризи ҳәм жағдайлары турақлы қадағалаўға алынған.

Үйрениў жумыслары даўамында инспекторлар палапанлардың массасын да өлшеп көрмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.