2021-жыл 4-июнь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Исмоилов елимизде мийман болып турған Қазақстан Республикасы Сенатының Баслығы Маулен Ашимбаев басшылығындағы парламент делегациясы менен ушырасты.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Қазақстан Республикасы Сенатының Баслығын елимизге сапары менен қызғын қутлықлап, еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған жумысына табыс тиледи.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, Өзбекстан ҳәм Қазақстан жақын қоңсылар, ўақыт сынағынан өткен бирге ислесиўши болып табылады. Мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў жоқары исеним ҳәм өз-ара ҳүрмет тийкарында раўажланып бармақта. Ҳәр қыйлы дәрежедеги байланыслардың жеделлесиўи еллеримиздиң көп қырлы қатнасықларды кеңейтиўден мәпдар екенлигин аңлатады.

Сөйлесиў ўақтында мийманларға Олий Мажлис Нызамшылық палатасының нызамшылық жумысы, норма дөретиўшилиги, комитет ҳәм фракцияларының жумыс усыллары және парламентаризм тараўындағы жаңалықлар ҳаққында айтып берилди.

Қазақстан Республикасы Сенатының Баслығы М.Ашимбаев шын кеўилден ушырасқаны ҳәм сөйлескени ушын миннетдаршылық билдирип, конструктивлик ҳәм әмелий руўхтағы сөйлесиўлерди избе-из даўам еттириў, еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўда әҳмийетли фактор болған парламентлераралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў еки тәрептиң мәплерине бирдей хызмет ететуғынын атап өтти.

Конструктивлик ҳәм өз-ара исеним руўхында өткен сөйлесиўде Өзбекстан-Қазақстан арасындағы парламентлераралық бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў ҳәм оны жаңа мазмун менен байытыў, норма дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды. Мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиў, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы байланыслардың көлеми күн сайын кеңейип баратырғаны ҳаққында сөз болды.

Сөйлесиўде Н.Исмоилов Қазақстан парламенти ўәкиллерин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен быйыл 24-июнь күни Бухара қаласында өткерилиўи режелестирилип атырған «Турақлы мақсетлерге ерисиўде парламентлераралық глобал шериклик» атамасындағы халықаралық форумға, 2021-жыл 12-13-август күнлери Ташкентте болып өтетуғын Жаслар ҳуқықлары бойынша Пүткил жер жүзилик конференциясына мирәт етти.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы әмелий бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеўде парламентлердиң ролин күшейтиўге келисип алды.

Қазақстан Республикасы Сенатының Баслығы Маулен Ашимбаев басшылығындағы делегация усы күни пайтахтымыздағы «Ҳәзирети Имам» комплексине барды.

Мийманлар комплекс жумысы менен танысты, тарийхый естеликтиң архитектуралық шешимине, тутас аймақты абаданластырыў жумысларына жоқары баҳа берди.

Буннан соң делегация ағзалары пайтахтымыздағы «Texnopark» көп тармақлы өндирис комплексине барды.

Бул «Texnopark» ЖШЖ жоқары технологиялы, бәсекиге шыдамлы, экспортқа бағдарланған ҳәм импорттың орнын басатуғын кәрханалар шөлкемлестириў бойынша ўазыйпаларды әмелде жүзеге шығарыўды мақсет еткен санаат кәрханаларының топарын өзинде сәўлелендиреди.

 

Саидмурод РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы