Пуқара Ш.Е.пуқара Ж.ның исенимине кирип, оның 3 ағайининиң турақ жайының кадастр ҳүжжетлерин райондағы мәмлекетлик архив ҳәм кадастр бөлиминде ислейтуғын таныслары арқалы таярлап бериўиниң есесине 6,5 млн сумды алдаўшылық жолы менен алған ўақытта Бас прокуратура жанындағы Департамент ҳәм МҚХның Беруний районлық бөлимлери хызметкерлери тәрепинен айғақлы дәлиллер менен усланған.
Усы жағдай бойынша пуқара Ш.Е.ге Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28-, 211-статьясы (пара бериў) менен жынаятлы ис қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Азизбек Дабылов,
ҚМУ интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.