Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы басшылығында ел-халқымыз ардағындағы абырайлы, көркем өнер ғайраткерлери, дөретиўшилер топар ағзалары Мойнақ районында болды.

Олар киши топарларға бөлинип, аймақтың «Ҳәким ата», «Қызыл жар», «Жайҳун» ҳәм «Бозатаў» сыяқлы ең алыс аўыл пуқаралар жыйынларының халқы менен ушырасты.

Райондағы «Қызыл жар» аўыл пуқаралар жыйыны «Әлий аўыл» аймағындағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилген мәдений-руўхый илажлары бәршеге көтериңки руўх бағышлады.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 2-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги